Антарктидадан 315 миллиард тонналы ири музлық – айсбергтиң ериўи климаттың өзгерислери ямаса глобал ысыў ҳәдийселерине байланыслы емес, Экспертлер РИА Новостиға усындай пикир билдирди.
Майданы 1,6 мың квадрат километрлик айсберг Шығыс Антарктикадағы Эймери музлығынан ерип түскен. Бундай жағдай 1960-жылы да бақланған.
Антарктика ҳәм Қубла Океанды сақлаў Коалициясының ўәкили Елена Жаркованың анықлық киргизиўинше, Эймери музлығының өзи 40 мың квадрат километрлик майдан бойлап ийелеген.
ӨзА