Өзбекстан Орайлық банки 2019-жылдың 24-сентябринен сырт ел валюталарының сумға салыстырғандағы баҳасын белгиледи.
Оған бола, 1 АҚШ доллары 9424.54 сум етип белгиленди. Бул болса доллар курсының өткен ҳәптеде белгиленген баҳасына салыстырғанда (+13.24) сумға артқанын көрсетеди.
Евроның курсы болса 16-сентябрьдеги көрсеткишке салыстырғанда (-38.11) төменлеп, 10383.02 сум етип белгиленди. Сондай-ақ, Россия рублинде көтерилиў (+0.76) бақланып, 147.27 сумды қурады.
Орайлық банк бул валюталарды усы баҳада сатыў ямаса сатып алыў миннетлемесин алмаған.
ӨзА