11-сентябрь күни Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2018-жыл 6-июньдеги «Өзбекстан Республикасы Қорғаныў министрлиги әскерий хызметкерлерин социаллық қоллап-қуўатлаўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы 424-санлы Қарарының орынланыўы бойынша бир қатар шөлкемлердиң бирге ислесиўинде Арқа-батыс әскерий округинде хызмет ўазыйпасын өтеп атырған бир топар әскерий хызметкерлер ҳәм Политехника кәсип-өнер колледжи студентлериниң қатнасыўында исбилерменлер менен ушырасыў шөлкемлестирилди, деп хабар береди Арқа-батыс әскерий округи баспасөз хызмети.
Илаж даўамында қатнасыўшылар Тахияташ районындағы «Атияж-Гүлзар» ЖШЖ бийдайды қайта ислеў ун комбинаты ҳәм «Ай-Асл-Қанат» түйешилик ҳәм дийқаншылық фермер хожалығының жумысы менен жақыннан танысты.
Әскерий бөлимде мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик шөлкемлер тәрепинен исбилерменликке бағдарланған сабақларға әмелий дәлил сыпатында шөлкемлестирилген ушырасыў даўамында әскерлер исбилерменлердиң жумысы менен танысып, исбилерменликте табысқа ерисиўдиң «алтын» қағыйдалары бойынша мәсләҳәтлер алды.
-Ферғана ўәлаятынан әскерий хызметке келгенмен,-дейди мүддетли әскерий хызметкер, қатардағы әскер Муқимжон Тошпўлатов. Әскерий хызметтен соң жеңиллетилген кредит тийкарында түйешилик пенен шуғылланбақшыман. Бугинги ушырасыў даўамында фермерлерден бул бағдардағы керекли мәсләҳәт ҳәм көнликпелерди алдым.
Қарақалпақстан хабар агентлиги