11-ши әўладтың iPhoneнын таныстырғаннан соң Appleдың базардағы баҳасы 1 триллион доллардан артты, деп хабар бермекте «Казинформ». Биржа саўдалары жабылыў алдынан Apple акцияларының баҳасы 2 процентке өсип, 223,59 долларға жетти. Apple бул көрсеткишке өткен жылы август айында да жеткен еди. Бирақ Қытайда Apple өнимлери жобадағыдай сатылмаўына байланыслы, декабрь-январь айларында акцияларының баҳасы төменлеген және Apple миллионлаған акциясын өзлери сатып алған. Apple базардағы баҳасы 1 триллион доллардан артатуғын дүньядағы жалғыз технологиялық компания емес екенин атап өтиў керек. Microsoft корпорациясының да базардағы баҳасы 1,04 триллион долларға баҳаланады. Apple, Apple Watch және iPad-тың жаңа модельлери таныстырылды, сондай-ақ, iPhone11диң баҳасы дәслепки күн сыпатында 50 долларға азайтылды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги