Мәмлекетимиз басшысы «Айырым мәмлекетлик уйымлардың жумысы жетилистирилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы нызамына қол қойды.

Бул ҳүжжет парламент жоқары палатасының жигирма биринши жалпы мәжилисинде мақулланған еди.

Нызам менен Өзбекстан Республикасының 12 нызамы және 1 кодексине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилди. Тийкарынан, «Өзбекстан Республикасы Судьялар жоқарғы кеңеси ҳаққында»ғы нызамға Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаят, район ҳәм қала судларының судьяларын тайынлаў ҳәм лаўазымынан азат етиў мәселелерин Кеңес Өзбекстан Республикасы Президенти менен дәслепки тәризде келисимсиз еркин көрип шығыўын нәзерде тутатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилген.

Судьялардың шын мәнисиндеги еркинлигин, Судьялық корпусын қәлиплестириў ҳәм талабан ҳаққындағы исенимли мағлыўматларды топлаў мәселесинде ашық-айдынлықты тәмийинлеўдиң қосымша механизмлери енгизилген. Атап айтқанда, судьялар ҳәм өз жумысын турақлы тийкарда әмелге асыратуғын Кеңес ағзаларын тексериў, өз жумысын турақлы тийкарда алып барыўшы Кеңес ағзаларын интизамий жуўапкершиликке тартыў ҳаққындағы мәселени көрип шығыў, мәмлекетлик уйымлар ҳәм басқа да шөлкемлерден, сондай-ақ, лаўазымлы шахслар және пуқаралардан Кеңестиң жумысына байланыслы зәрүр мәлимлеме, ҳүжжетлер ҳәм басқа да материалларды сорап алыў.

Буннан тысқары, «Өзбекстан Республикасы Судьялар жоқарғы кеңеси ҳаққында»ғы нызамға қағыйда қосылған. Оған бола, резервке киргизилген судьялық лаўазымына талабан Судьялар жоқары мектебинде оқыўды табыслы тамамлағанынан кейин бос турған судьялық лаўазымларын толықтырыў ушын таңлаўда қатнасыў ҳаққында тиккелей Кеңеске арза бериў ҳуқықына ийе болады.

Судьялардың қәтеликлкериниң алдын алыў, судьялар корпусы жетерли әмелий ҳәм турмыслық тәжирийбеге ийе жоқары маман юристлердиң арасынан қәлиплесиўин тәмийинлеў мақсетинде «Судлар ҳаққында»ғы нызамға судьялар ушын отыз бес жастан киши болмаған жас цензиди нәзерде тутатуғын өзгерис киргизилген.

Соның менен бирге, судьялық лаўазымына биринши мәрте тайынланатуғын талабанлар резервинде турған шахслар Судьялар жоқары мектебинде мәжбүрий тәртипте оқыўы шәрт екенлиги белгиленген. Оқыў дәўиринде олар тийкарғы жумыс орны бойынша орташа айлық мийнет ҳақысы сақланбаған ҳалда мийнет миннетлемелерин орынлаўдан азат етиледи, бирақ оқыў дәўиринде жумыс орны (лаўазымы) сақланады.

Сондай-ақ, уйымлық нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлерди имканияты барынша азайтыў мақсетинде «Мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер ҳаққында»ғы нызамға өзгерис киргизилген. Оған бола, мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң өткерилиўи режелестирилип атырған илажлары ҳаққында хабардар етиў тәртиби Әдиллик министрлиги тәрепинен, сырт мәмлекетлерден, халықаралық ҳәм сырт ел шөлкемлеринен, сырт мәмлекетлердиң пуқараларынан ямаса олардың тапсырмасына бола басқа адамлардан пул қаржылары ҳәм мүлк алыўды дизимнен уйым менен келисип алыў тәртиби Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети тәрепинен белгиленеди.

Бул нызамның қабыл етилиўи Судьялар жоқарғы кеңесиниң жумысында ашық-айдынлықты тәмийинлеў, оның тийкарғы ўазыйпаларының өз ўақтында орынланыўы, судьялық лаўазымына талабанларды сайлап алыў системасын жетилистириў, судья болыў тилегинде болған пуқаралардың ҳуқық ҳәм мәплерин қорғаў, сондай-ақ, нызам ҳүжжетлеринде бар болған қарама-қарсылық ҳәм бослықларды сапластырыўға жәрдем береди.

Батыр Мәтмуратов,

Олий Мажлис Сенаты

Судҳуқық мәселелери ҳәм коррупцияға

қарсы гүресиў комитетиниң баслығы

ӨзА