Усы жылдың 11-сентябрь күни Корея халықаралық бирге ислесиў агентлиги – «KOICA»ның Өзбекстан Республикасындағы офиси директорының орынбасары Парк Ми ханым, волонтёрлар координаторы Канг Мунхи ханым, бирге ислесиўши Шукрулло Шукуров, бағдарламаның киши координаторы Юн Хэлим ханымлардан ибарат делегация Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтына келди.
Институттың оқыў ислери бойынша проректоры М.Жумамуратов ҳәм «KOICA»ның институттағы координаторы Я.Генжемуратовлар менен болып өткен ушырасыўда Корея халықаралық бирге ислесиў агентлиги ҳәм институт арасындағы бирге ислесиў мәселелери додаланды.
Бир неше жыллардан берли агентликтиң Қубла Кореялы волонтёрлары институтта оқып атырған студент-жаслар, сондай-ақ, басқа да қәлеўшилер ушын кореец тилин үйретип келмекте. Әсиресе, соңғы үш жыл даўамында волонтёр Ли Сангхён бул жумысларда белсендилик көрсетти.
– Ҳәр бир волонтёр 2 жыл даўамында кореец тилин үйретиўге жибериледи. Бирақ, сизиң институтқа жиберилген волонтёр Ли Сангхённың өзиниң талабы ҳәм институт басшыларының қоллап-қуўатлаўы менен бул мүддет және бир жылға созылдырылған еди, – деди агентлик ўәкиллери сәўбетлесиў даўамында. – Бул усы институтта шет тиллерин, әсиресе, кореец тилин үйрениўге болған талаптың күшли екенлигин билдиреди.
Делегация ағзалары Корея халықаралық бирге ислесиў агентлиги менен алып барылып атырған жумысларға жоқары баҳа берди ҳәм педагогикалық институт Өзбекстан бойынша тийкарғы бирге ислесиўши оқыў орны екенлигин атап өтти.
Институт ўәкиллери делегация ағзаларына миннетдаршылық билдирди. Ушырасыў даўамында алдағы ўақытлары да бирге ислесиўди раўажландырыў, әсиресе, мәлимлеме-ресурс орайы тармағын жетилистириў мақсетинде агентликтиң қоллап-қуўатлаўы менен электрон китапхана шөлкемлестириў бойынша келисип алынды.
Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.