Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасының басшылары орынларда көшпели қабыллаўлар өткермекте.

Қабыллаўлар даўамында машқалаға дус келип, кредит ала алмай атырған исбилерменлердиң шағымлары орынларда шешилмекте.

Қарақалпақстан Республикасы Мойнақ районында М.А.ға тийисли жуўапкершилиги шекленген жәмийет банктен нан өнимлерин таярлаў үскенесин сатып алыў ушын кредит ала алмай жүрген еди. Бас прокуратураның қабыллаўы ўақтында ол жәрдем сорағаннан кейин, машқала шешилди. Исбилерменге 146 миллион сум кредит қаржы ажыратылды.

Сондай-ақ, Наўайы ўәлаятында И.И. басшылығындағы исбилерменлик субъекти сүтти қайта ислейтуғын үскенелер сатып алыў ушын банктен 1 миллиард сум кредит алыўы зәрүр болған. Бирақ банкте мүрәжаты шешилмегеннен кейин, ол да көшпели қабыллаў ўақтында бул ҳаққында мәлим етти. Бул исбилерменниң шағымы да унамлы шешим тапты.

Наўайылы және бир исбилермен К.Р.диң жойбар ҳүжжетлери «E-IJRO AUKSION» бирден-бир электрон саўда майданшасының электрон онлайн-аукционларды өткериў веб-порталына жайластырылыўы тәмийинленди.

Бас прокуратура басшылары тәрепинен халық пенен тиккелей сөйлесиўди кеңейтиў, бар актуал машқалаларды анықлаў, оларды тиккелей орынларда сапластырыў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар мине усындай әмелий нәтийже бермекте.

Онда орын алған машқалаларды сапластырыўға жәрдемлесиў арқалы халықтың абаданлығы ушын бәнтлигин ҳәм турақлы дәрамат дәрегине ийе болыўын тәмийинлеўге айрықша итибар қаратылып атыр.

Өткерилген көшпели қабыллаўларда келип түскен мүрәжатлардың талланыўы ҳәм прокуратура уйымларының араласыўы менен қысқа мүддетте шешимин таўып атырған машқалалар оған жуўапкер болған кәрхана, шөлкем ҳәм мәкемелердиң лаўазымлы шахсларының елеге шекем мүрәжатлар менен ислесиўде хызмет ўазыйпаларын керекли дәрежеде орынламай атырғанын көрсетпекте.

Муаттар РЎЗИБОЕВА,

ӨзА