Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында 11-сентябрь күни киши бизнес ҳәм жеке меншик исбилерменликти буннан былай да раўажландырыў ҳәм мәмлекетлик бюджетке кепилленген түсимлерди тәмийинлеў мәселелерине бағышланған видеоселектор мәжилиси болып өтти.

Атап өтилгениндей, мәмлекетимизде киши бизнес ҳәм жеке меншик исбилерменликти раўажландырыў, тараў субъектлерин ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў бойынша пүткиллей жаңа система жаратылмақта. Исбилерменликти раўажландырыў жолындағы көплеген бюрократиялық тосқынлықлар сапластырылмақта.

Бул жаңа система жақында шөлкемлестирилген Киши бизнес ҳәм исбилерменликти раўажландырыў агентлигиниң муўапықластырыўшы роли астында Бас министрдиң Исбилерменлердиң мүрәжатларын көрип шығыў қабыллаўханалары, Бизнес-омбудсман, Саўда-санаат палатасы, Әдиллик министрлиги, орынлардағы ҳәкимлердиң биринши орынбасарларының басшылығындағы экономика комплекси шөлкемлериниң усы бағдарда аўызбиршиликте избе-из жумыс ислеўин нәзерде тутады.

Исбилерменлик субъектлерине финанслық жақтан жәрдем бериў мақсетинде оларға коммерциялық банклер өзине тән бизнес-бирге ислесиўши болыўын тәмийинлеў бойынша жаңа концепция әмелиятқа енгизилмекте.

Бундай системалы әмелий илажлардың нәтийжесинде усы жылдың өткен 8 айында 70 мың жаңа исбилерменлик субъекти шөлкемлестирилди. Бул өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда 2 есе көп болып есапланады.

Соның менен бирге, аймақларда пайдаланылмай  атырған резервлер ҳәм имканиятлар жетерли. Тараўды раўажландырыў бойынша жаңа система қандай ислеўи керек екенлигин орынларда көпшилик басшылар еле терең аңлап жетпей атыр.

Бас  министрдиң қабыллаўханалары шөлкемлестирилгеннен кейин өткен үш ай даўамында 12 мыңнан аслам мүрәжат келип түскен, олардың тийкарғы бөлеги кредит, жер ажыратыў ҳәм басқа да мәселелерге байланыслы.

Мүрәжатлардың көпшилиги Ташкент, Қашқадәрья, Әндижан, Самарқанд ўәлаятларына туўра келген. Олардан 9 мыңы ямаса 75 проценти орынларда, соннан 40 проценти тиккелей район дәрежесинде шешилген. Бул жағдай бурын төменги буўын басшылары исбилерменлик тараўындағы машқалалар менен улыўма шуғылланбағанынан дәрек береди.

Министрлер Кабинетине Киши бизнес ҳәм исбилерменликти раўажландырыў агентлиги менен бирге Бас министр қабыллаўханаларына исбилерменлик субъектлеринен түсип атырған мүрәжатларда көтерилип атырған машқалалар қолдан келгенше орынларда шешилиўин турақлы түрде додалап барыў тапсырылды.

Сондай-ақ, орайлық уйымлар ҳәм министрликлердиң басшыларынан ибарат қурамда 6 аймақлық Жумысшы топарлар дүзген ҳалда, исбилерменликти раўажландырыў бойынша жаңа системаны мәмлекеттиң басқа район ҳәм қалаларында енгизиў, орынларда бул бағдарда қолланылмай атырған имканиятларды бағдарлаў бойынша анық илажлар белгилеп берилди.

Соның ишинде, Жумысшы топарларға ҳәр бир район ҳәм қаланың өзине тән өзгешеликлерин ҳәм потенциалын үйренип, оларды қайсы бағдарларға қәнигелестириў бойынша анық усынысларды ислеп шығыў ҳәм соған сәйкес түрде жаңа инвестициялық жойбарлардың әмелге асырылыўын тәмийинлеў жүкленди. Сондай-ақ, орынларда исбилерменлердиң қатнасыўында оларды қызықтырған мәселе ҳәм машқалалар бойынша ашықтан-ашық сөйлесиўлер өткерип, бар тосқынлықларды сапластырыў илажларын көрип барыў тапсырылды.

Мәжилисте бизнес орталығын жақсылаў бойынша нызамлы тийкарларды жетилистириў ҳәм анық бағдарланған әмелий илажларды көриўге айрықша тоқтап өтти. Соның ишинде, бизнес жүргизиў, лицензия ҳәм рухсатнамалар алыў бойынша киргизилген жаңалықлар әмелиятта еле толық иске қосылмай атырғаны сынға алынды. Атап айтқанда, Мәмлекетлик хызметлер бирден-бир реестрине киргизилген 693 хызмет түринен дерлик 103 и ямаса 15 проценти Мәмлекетлик хызметлер орайлары арқалы ҳәм электрон тәризде көрсетилмекте. Бул болса исбилерменлик жумысын баслаў тилегинде болған шахсларға қыйыншылық туўдырмақта.

Соның ушын Әдиллик министрлигине исбилерменлерге онлайн системада мәлимлеме-мәсләҳәт хызметлерин енгизиў, қағазда көрсетилип атырған барлық мәмлекетлик хызметлерди электрон көриниске өткериў бойынша бир ай мүддетте тийисли қарар жойбарын ислеп шығып, Министрлер Кабинетине киргизиў ўазыйпасы тапсырылды.

Сондай-ақ, қурылыс ҳүжжетлерин келисиўдиң бирден-бир онлайн системасын әмелиятта толық қолланыўды тәмийинлеў бойынша зәрүр илажлар белгилеп берилди.

Көплеген сырт мәмлекетлерде бизнес субъектлери 3 категорияға (киши, орта ҳәм ири) бөлинген ҳәм мәмлекет тәрепинен ҳәр бир категорияға байланыслы айрықша қоллап-қуўатлаў сиясаты алып барылады. Бирақ Өзбекстанда экономиканың раўажланыўында айрықша роль атқаратуғын «орта бизнес» түсиниги, тилекке қарсы, улыўма жоқ.

Соны есапқа алып, Министрлер Кабинети ҳәм тийисли министрликлерге орта бизнес категориясын енгизиў, киши, орта, ири бизнес нормаларын қайта көрип шығыў, оларды айрықша механизмлер тийкарында мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў ҳәм хошаметлеў бойынша үш ай мүддетте анық усынысларды ислеп шығыў ўазыйпасы жүкленди.

Мәжилис күн тәртибиндеги екинши мәселе – мәмлекетлик бюджетке түсимлерди тәмийинлеў жағдайы көрип шығылып, өткен 8 айда бул бағдардағы көрсеткишлер прогнозға салыстырғанда жоқары болғаны айрықша атап өтилди.

Дәраматларды арттырыў бойынша пайдаланылмаған резервлерди иске қосыў, салыққа тартылатуғын базаны кеңейтиў мәселелери додаланды. Жеке тәртиптеги исбилерменлерден өндирилетуғын қатаң белгиленген салық бойынша түсимлерди тәмийинлеў, жасырын жумыс орынларын легализациялаў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Ташкент қаласы, Сурхандәрья ҳәм Наманган ўәлаятларында көп миллиард сумлық салық карыздарлығы өндирилмеген, бир қатар район ҳәм қалаларда басшылар изленбей, ири салық төлеўшилер есабынан прогноз көрсеткишлерин орынлаўда даўам етип атырғаны сынға алынды.

Халықаралық валюта фонды ҳәм Жәҳән банки экспертлериниң қатнасыўында дүзилген Ири салық төлеўшилер менен ислесиў бойынша инспекция салық резервлерин үйрениў ҳәм түсимлерди көбейтиўде әҳмийетли фактор болып атырғаны атап өтилди. Бул жумыслардың нәтийжесин арттырыў ушын ири салық төлеўшилерди электрон есап фактураларына өткериў ҳәм оларды бухгалтерияны компьютерде жүргизиў бағдарламаларына байланыстырыў керек екенлиги атап өтилди.

Қаржы министрлигине қосымша қун салығының ставкасын азайтыў бойынша анық тийкарланған усыныс киргизиў тапсырылды.

Бюджет түсимлериниң 21 процентин тәмийинлейтуғын 20 қала ҳәм район менен тиккелей ислесиў ушын оларға жуўапкер басшылар бириктирилди.

Мәмлекетлик бюджеттиң дәраматлар бөлегин орынлаўда немқурайдылыққа жол қойып атырған аймақлық салық уйымларының басшыларына ескертиў берилди. Президент прогнозды алдыннан төлеў есабынан орынлаў қатаң қадаған етилетуғынын атап өтти.

Исбилерменлер, экспертлер ҳәм илимий-изертлеў мәкемелери ўәкиллериниң қатнасыўында өткерилген додалаўларда билдирилген усынысларды есапқа алып, Салық кодексиниң жаңа редакциядағы жойбарын пуқта ислеп шығыў зәрүрлиги атап өтилди.

Видеоселектор мәжилисинде додаланған мәсәлелер бойынша жуўапкер басшылар ҳәм ҳәкимлердиң есабаты және усыныслары тыңланды.

ӨзА