2018-жылдың октябрь айынан баслап Өзбекстанда да телевизиялық аудиторияларды өлшеў әмелияты қолланыла басланды. Өлшеўлерди өткериў ҳуқықын қолға киргизген «Kantar Media» компаниясы 2019-жылдың дәслепки ярым жыллығы нәтийжелерин жәриялады. Бул ҳаққында Kun.uz сайты хабар берди.
Ярым жыллық нәтийжелерине муўапық, миллий телеканаллар арасында 3,38 процент топлаған «Sevimli» телеканалы жетекшиликти бәнтлеген болса, екинши орын 2,78 процент аудитория топлай алған «Zoʻr TV» телеканалына несип етти.
Үшинши орынды «Mening yurtim» телеканалы ийелеген болса, мәмлекетлик телеканаллардың ең тамашагөйи көп деп табылған «Bolajon» телеканалы төртинши орынды бәнтледи.
Кеўилашар бағдарламалардың арасында ең көп тамашаланатуғыны «Хафа бўлиш йўқ» көрсетиўи екенлиги мәлим болды. Сондай-ақ, «Sevimli» телеканалының «Зирафча», «Олифталар» сыяқлы жасларға арналған көрсетиўлери де жоқары рейтинглерге ийе болған.
Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлиги.