Социаллық тармақларда қорқынышлы жол транспорт ҳәдийсеси ҳаққында хабарлар тарқалды. «Нексия 3» ҳәм «Матиз» қатнасыўында жүз берген ЖТҲ да «Матиз»деги жолаўшы ҳаял алдыңғы айнадан ушып шығып кеткен ҳәм ўақыя орнында қайтыс болған, деп хабар бермекте gazeta.uz сайты  Zarnews.uz диң мағлыўматына сүйенип.

Социаллық тармақ пайдаланыўшыларының жазыўына қарағанда, ўақыя 10-сентябрь күни Самарқандтың Ибн Сино көшесинде шама саат 7:30 ларда жүз берген.

«Нексия 3» автомашинасы бир жөнелисте ҳәрекетленип атырған «Нексия» (такси) менен соқлығысқан. Нәтийжеде «Нексия 3» қарама-қарсы жөнелисте ҳәрекетленип атырған «Матиз» (такси) бенен соқлығысқан.

ЖТҲ ақыбетинде «Матиз» автомашинасындағы жолаўшы ҳаял алдыңғы айнадан ушып шығып кеткен ҳәм ўақыя орнында қайтыс болған.

Қарақалпақстан хабар агентлиги