Усы жылдың 7-сентябрь күни «Аксарайский» (Россия) қадағалаў-өткериў пунктиндеги шегаралық тексериў ўақтында поездан қайтыс болған жолаўшы табылғаны ҳаққында хабарлар жәрияланған еди. «Өзтемиржолжолаўшы» АЖ администрациясы усы жағдайға анықлық киргизди.
2019-жылдың 7-сентябрь күни Россияның Астрахань ўәлаяты аймағында ҳәрекетленип баратырған 323-санлы поездиң 13-вагонында баратырған, усы жылдың 5-сентябрь күни Нөкистен Волгоградқа барыў ушын жолға шыққан Қарақалпақстан Республикасы, Әмиўдәрья районында жасайтуғын 52 жаслы А.Г. исимли жолаўшы өзин жаман сезинип, мазасы болмаған.
Хабарда жазылыўынша, вагон бақлаўшылары дәрриў тез жәрдем шақырған. Поезд «Аксарайский» (Россия) қадағалаў-өткериў пунктине жетип келгенде жолаўшының жағдайы аўырласқан ҳәм қайтыс болған.
Вагон бақлаўшылары ҳәм жолаўшылардың айтыўына қарағанда жол даўамында ҳеш қандай күш ислетиў ямаса қастан зыян жеткериў жағдайлары бақланбаған. Шегара пунктине келген шыпакерлердиң мағлыўматларына қарағанда А.Г.ның қайтыс болыўына оның жүрегиниң тутыўы себепши болған.
Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлиги.