Президентимиздиң усы жыл 6-сентябрьдеги «Профессионал билимлендириў системасын буннан былай да жетилистириўге байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы пәрманы тараўды заман талабына сай раўажландырыўға қаратылған.

Пәрманға муўапық, 2020/2021 оқыў жылынан баслап Өзбекстан Республикасында Билимлендириўдиң халықаралық стандарт классификациясы дәрежелери менен сәйкес келетуғын жаңа баслаўыш, орта ҳәм орта арнаўлы профессионал билимлендириў системасын ҳәм дифференциялластырылған билимлендириў бағдарламалары енгизилетуғын билимлендириў орынлары тармағы шөлкемлестирилмекте. Соның ишинде, усы пәрманның 1-қосымшасына муўапық халықаралық классификацияның 3-дәрежесине сәйкес келетуғын билимлендириў бағдарламалары тийкарында 9-класс питкериўшилерин социаллық қоллап-қуўатлаўға қаратылған баслаўыш профессионал билимлендириў басқышында кадрлар таярлайтуғын оқыў орынларына
Қарақалпақстан Республикасынан 22 кәсип-өнер мектеби, 2-қосымшасына муўапық, усы классификацияның 4-дәрежесине сәйкес келетуғын билимлендириў бағдарламалары тийкарында орта профессионал билимлендириў басқышында кадрлар таярлайтуғын оқыў орынларына Қарақалпақстан Республикасы бойынша министрликлер ҳәм мекемелерге бириктирилган 12 колледж, сондай-ақ, 3-қосымшасына муўапық, классификацияның 5-дәрежесине сәйкес келетуғын билимлендириў бағдарламалары тийкарында жоқары билимлендириў системасы менен интеграцияласқан орта арнаўлы профессионал билимлендириў басқышында кадрлар таярлайтуғын, жоқары оқыў орынлары қарамағында жумыс алып баратуғын 11 техникум, ал үлкен жастағы пуқараларды кәсипке оқытыў орайларын шөлкемлестириў ушын Өзбекстан Республикасы Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги системасына Қарақалпақстан Республикасы бойынша 2 кәсип-өнер колледжи таңлап алынды.

Буннан тысқары пәрманда Қарақалпақстан Республикасы бойынша
6 кәсип-өнер колледжиниң имаратлары Жоқары оқыў орынларының оқыўшы орны қуўатлылығын арттырыў, келешекте сырт ел жоқары оқыў орынлары ҳәм олардың филиалларын шөлкемлестириў мақсетинде, 4 кәсип-өнер колледжиниң ийелеген жер майданлары ҳәм имаратлары Жоқары оқыў орынларының көп тармақлы оқыў орайлары ҳәм әмелият полигонларын шөлкемлестириў мақсетинде жоқары оқыў орынлары балансына ҳәм 20 кәсип-өнер колледжиниң ийелеген жер майданлары ҳәм имаратлары улыўма орта билим бериў мектеплери сыпатында Халық билмлендириў министрлиги балансына өткерилди.

Пәрман менен тастыйықланған баслаўыш, орта ҳәм орта арнаўлы профессионал билим бериў орынларына халықаралық классификация бойынша тийкарғы оқыў бағдарламаларынан тысқары төменги дәрежедеги оқыў бағдарламалары бойынша кадрлар таярлаў ҳуқықы берилди.

Кәсип-өнер мектеплеринде кадрларды таярлаў улыўма билим бериў орынларының 9-класс питкериўшилери есабынан шөлкемлестирилген топарларда 2 жыллық улыўма билим бериў ҳәм қәнигелик пәнлердиң интеграцияластырылған бағдарламалары тийкарында күндизги билим түринде әмелге асырылады. Онда, оқыўшылар Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджети есабынан базалық есаплаў муғдарының бир есеси муғдарында ҳәр айлық стипендия ҳәм үш мезгил аўқат пенен тәмийинленеди. Яғыный, кәсип-өнер мектеплери оқыўшыларды үш мезгил аўқат пенен тәмийинлеў ямаса усы аўқат пулларын оларға төлеп бериў ҳуқықына ийе болады.

Колледжлерде билим бериў кадрлар таярлаўдың халықаралық классификациясының кеминде 3-дәрежесине сәйкес оқыў бағдарламаларын тамамлаған, «Өмири даўамында билим алыў» принципи тийкарында кеминде улыўма орта мағлыўматқа ийе болған шахслар есабынан кәсиплер ҳәм қәнигеликлердиң қурамалылығынан келип шыққан ҳалда 2 жылға шекемги мүддетте күндизги, кешки ҳәм сыртқы билим түрлеринде мәмлекетлик буйыртпа ҳәм төлемли-контракт тийкарында әмелге асырылады.

Техникумларда билим бериў, кадрлар таярлаўдың халықаралық классификациясының кеминде 3 ямаса 4-дәрежесине сәйкес оқыў бағдарламаларын тамамлаған, «Өмири даўамында билим алыў» принципи тийкарында кеминде улыўма орта мағлыўматқа ийе болған шахслар есабынан қәлиплестирилген топарларда кәсиплер ҳәм қәнигеликлердиң қурамалылығынан келип шыққан ҳалда
2 жылдан кем болмаған мүддетте күндизги, кешки ҳәм сыртқы билим түрлеринде мәмлекетлик буйыртпа ҳәм төлемли-контракт тийкарында әмелге асырылады. Техникумларда оқыў бағдарламаларын табыслы жуўмақлаған питкериўшилер ийелеген тараўына сәйкес бакалавриат билимлендириў бағдарлары бойынша кириў имтиханларысыз жеке тәртиптеги сәўбет тийкарында жоқары оқыў орынларына 2-курстан оқыўын даўам еттириў ямаса ийелеген қәнигелиги бойынша жумыс ислеў ҳуқықына ийе болады.

Пәрман менен шөлкемлестирилген кәсип-өнер мектеплери, колледжлер ҳәм техникумларға уйымлық бойсыныўына қарамастан оқыў-методикалық басшылық етиў ҳәм бул тараўда мәмлекетлик сиясатты жүргизиў Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги тәрепинен әмелге асырылады.

Соның менен бирге Пәрман менен улыўма орта билим бериў орынларының 10-11-класслары оқыўшыларына кәсиплик билим бериўге қәнигелестирилген оқыў-өндирислик комплекслерди тоқтатыўға келисим берилген.

 

 

К.КАНГЛЫБЕКОВ,

Қарақалпақстан Республикасы

кәсиплик билимлендириў

басқармасы баслығы