Усы жыл 11-сентябрь күни Қарақалпақ мәмлекетлик жас тамашагөйлер театрында Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы Қарақалпақстан кәсиплик аўқамлары шөлкемлери бирлеспеси Кеңеси тәрепинен балалардың жазғы дем алыcын ҳәм саўалландырылыўын шөлкемлестириўшилердиң әнжуманы өткерилди.
Әнжуманда балаларды дем алдырыў ҳәм саўалландырыў бойынша Қарақалпақстан Республикалық муўапықластырыўшы топарының ағзалары, тийисли министрликлер, мәкемелер ҳәм шөлкемлердиң ўәкиллери, балалар дем алыў орайларының басшылары менен хызметкерлери қатнасты.
Онда Билимлендириў, илим ҳәм мәденият хызметкерлери кәсиплик аўқамы Өзбекстан Республикалық Кеңесиниң баслығы Р.Бедилов, Қарақалпақстан кәсиплик аўқамлары шөлкемлери бирлеспеси Кеңесиниң баслығы У.Жалменовлар шығып сөйлеп, елимизде жаслар, олардың билим алыўы ушын әмелге асырылып атырған реформалар нәтийжесинде ерисилген жетискенликлер ҳәм оның әҳмийетине кеңнен тоқтап өтти. Усы жылғы жаз мәўсиминде балалардың жазғы дем алыўы ҳәм саўалландырылыўын шөлкемлестириў бағдарында әмелге асырылған жумыслар туўралы кең түрде мағлыўмат берип, мәўсимде бирге ислесиўши барлық министрликлер менен шөлкемлер аўызбиршиликли түрде нәтийжели жумыс алып барғанлығын атап өтти.
Республикамыз аймағында усы жылдың жаз мәўсими даўамында, жәми 68 балалар дем алыў орайларында 38 мыңнан аслам бала дем алып, саўалландырылған. Соннан, 5497 бала 10 қаладан тысқарыдағы, 32 мың 660 бала мәденият ҳәм спорт саўалландырыў орайларында саўалландырылған.
Кәрхана, шөлкем ҳәм фермер хожалықлары жанында шөлкемлестирилген 10 «Мийнет ҳәм дем алыў» орайларында 258 колледж оқыўшысының әмелият өтеўи менен бирге мазмунлы дем алыўы да шөлкемлестирилди.
Улыўма алғанда быйылғы мәўсимде өткен жыл менен салыстырғанда 3 есе көп бала дем алып, саўалландырылған. Мәўсим даўамында бирде-бир кеўилсиз ҳәдийсениң жүз бермеўине ерисилген.
Әнжуманда Қарақалпақстан Республикасы бойынша жазғы мәўсимде балалардың дем алыўын шөлкемлестириў ҳәм өткериўде белсендилик көрсеткен бир топар хызметкерлер және мәўсим даўамында жумысты жақсы алып барған усындай балалар дем алыў орайлары хошаметленди.
Олар «Ең жақсы балалар дем алыў орайы баслығы», «Ең үлгили дем алыў орайы баслығы», «Ең жанкүйер дем алыў орайы баслығы», «Ең үлгили стационар балалар дем алыў орайы», «Ең үлгили саўалландырыў орайы», «Ең жақсы жуўаплы шөлкемлестириўши», «Ең ғамхор тәрбияшы» сыяқлы бир қатар номинациялар бойынша хошаметленди. Оларға Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы Кеңесиниң, Қарақалпақстан Республикасы ишки ислер, Халық билимлендириў, Денсаўлықты сақлаў, Денетәрбия ҳәм спорт министрликлериниң, Өзбекстан Жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикалық Кеңесиниң ҳәм «Нөкис универсал базасы» кәрханасының баҳалы саўғалары ҳәм Қарақалпақстан Республикалық Муўапықластырыўшы топарының дипломлары тапсырылды.
– Төрткүл районындағы «Лочин» балалар дем алыў орайында мәўсим даўамында 160 бала дем алды,-дейди усы орай тәрбияшысы Муҳаё Джуманиязова. – Орайымызда балалардың жақсы дем алыўы, ўақытларын мазмунлы өткериўи ушын барлық шараятларды жаратыўға ҳәрекет еттик. Бунда ишки ислер бөлими, денсаўлықты сақлаў ҳәм басқа да тийисли тараў хызметкерлериниң де жәрдеми үлкен болды. Бүгин өткерилген әнжуманда азғана еткен хызметимди есапқа алғаны ҳәм «Ең ғамхор тәрбияшы» номинациясы менен хошаметлегени ушын басшыларымызға үлкен миннетдаршылығымды айтып, еледе аянбай хызмет етиўге таяр екенлигимди билдиремен.
Әнжуманда Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң 28 жыллығы мүнәсибети менен кәсиплик аўқамы белсендилерине Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы Қарақалпақстан кәсиплик аўқамлары шөлкемлери бирлеспеси Кеңесиниң «Ҳүрмет жарлықлары» тапсырылды.
Әнжуман көркем өнер шеберлери ҳәм жас талант ийелериниң атқарыўындағы концерт бағдарламасы менен даўам етти.
Ә.Жиемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги.