Әндижан ўәлаятының Хонобод районынан Мойнаққа қарай пияда жолға шыққан Соҳиб Ражабов 70 күн дегенде Бухара қаласына жетип келди. Бул ҳаққында «Халқ сўзи онлайн» хабар берди.

– Саяхаттан гөзлеген тийкарғы мақсетим Өзбекстанның тыныш ҳәм парахат, қәўипсиз ел екенлигин, халқымыздың миймандослығы, кеңпейиллигин пүткил дүньяға көрсетиў, – дейди ол. – Жол-жөнекей Ўатанымыздың бийтәкирар көринислери, әййемги естеликлерди сүўретке түсирип атырман. Оларды да заманагөй байланыс қураллары арқалы пүткил дүньяға көрсетиў нийетиндемен. Наўайыдан Бухараға қарай жол алғанымда бир өмир ядымда қалатуғын көплеген көринислерге гүўа болдым. Мәселен, жолдың бойындағы сардоба өзиниң архитектуралық дүзилиси менен мени таң қалдырды. Оның жанындағы базарда болдым. Өзимди орта әсирлерге түсип қалғандай сездим. Мениң жағдайымды тек ғана жүзлеген километрлик жолды пияда басып өткен адам толық көз алдына келтире алыўы мүмкин.

Қай жерде болсам да, мени жерлеслеримиз жыллы жүзлилик пенен күтип алмақта. Жасыүлкенлер «Сапарың бийқәтер болсын!» деп пәтия берип атыр. Мени ҳәттеки ең шетки аўылларда жасайтуғынлар да танып қалған екен.

Соҳиб Ражабов Бухараға сапарын жуўмақлап, Газли қаласы тәрепке жол алады. Газлиден Нөкиске шекемги болған 450 километрлик жолды басып өтеди. Хонободтан Мойнаққа шекемги аралық улыўма 2,5 мың километрди қурап, саяхатшы 1 мың 400 километрлик аралықты басып өткен.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.