Буннан 28 жыл бурын, Қарақалпақстанда Ташкент педиатрия медицина институтының Нөкис филиалы шөлкемлестирилди. Ғәрезсизлик дәўиринде бул институт жақсы нәтийжелерге ерисип, мәмлекетимизде үлгили жоқары оқыў орынларының бирине айланып келмекте. Филиал директоры, профессор Орал Атаниязованың пикиринше-бүгинги күнде нәтийжели жумыс алып барыў ушын жас кадрларды халықаралық стандартларға толық жуўап беретуғындай дәрежеде таярлаў ушын мәмлекетимизде барлық имканиятлар жаратылған. Буның айқын дәлийли сыпатында филиалдағы Россия ҳәм Қубла Корея менен биргеликте шөлкемлестирилген халықаралық факультетти, институт филиалына қараслы заманагөй үлгиде бой тиклеп атырған «Халықаралық жоқары технологиялы инновациялық клиникасы»н сондай-ақ, қоспа халықаралық илимий, магистратура ҳәм докторантура бағдарламаларын атап өтсек болады. Усындай тынымсыз мийнетлердиң нәтийжесинде, 2019-жыл августь айында жәрияланған Webometries халқаралық рейтинг системасы тийкарында Ташкент педиатрия медицина институты Нөкис филиалы Өзбекстан Республикасындағы жоқары оқыў орынлар арасында 3-орынды ийелеп, мәмлекетимиздиң ең үлгили жоқары оқыў орынлары қатарына кирди.
-Ташкент педиатрия медицина институты Нөкис филиалы жәмәәти ушын бул, әлбетте, жоқары жетискенлик. Соңғы жылларда жоқары оқыў орынларына көрсетилип атырған итибар, жаратылған имканиятлар ушын Президентимизден шексиз миннетдармыз. Бизиң алдымызға қойған мақсетимиз, дүнья жүзилик ТОП 1000 жоқары оқыў орынлары қатарына ерисип, жанажан Өзбекстанымыздың раўажланыўына өз үлесимизди қосыў»-дейди Орал Атаниязова.
Соны да атап өтиў керек, Webometries халықаралық рейтинг системасы (Webometrics Ranking of World Universites) Испанияда 2004-жылы шөлкемлестирилген ҳәм бүгинги күнде дүнья жүзинде ең белгили халықаралық ғәрезсиз илимий рейтинг система болып, жоқары оқыў орынларының рейтингин илимий жумыслары ҳәм мақалалары, веб-сайтының сапасы ҳәм басқа да бийғәрез көрсеткишлери арқалы экспертлер топары белгилейди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги