Атом энергиясынан тынышлық мақсетлеринде пайдаланыў ҳаққындағы нызамға Президент тәрепинен қол қойылды, деп жазады gazeta.uz сайты «Ҳуқуқий ахборот» телеграмм каналының берген мағлыўматына сүйенип.
Президент тәрепинен қол қойылған нызамға муўапық, атом энергиясынан пайдаланыў объектлери мәмлекетлик мүлк ямаса Президент тәрепинен белгиленген юридикалық шахслардың мүлки есапланады. Бул объектлердиң дизими президент тәрепинен тастыйықланады.
Энергетика министрлиги бул тараўдағы ўәкилликли уйым есапланады ҳәм атом энергетикасын раўажландырыў тараўында бирден-бир мәмлекетлик сиясатты әмелге асырады.
Санаат қәўипсизлиги мәмлекетлик комитети болса атом энергиясынан пайдаланыў қәўипсизлигин мәмлекет тәрепинен тәртипке салыўшы ўәкилликли уйым есапланады.
Нызамға муўапық, пуқаралар ядролық қурылмалардың қәўипсизлиги ҳаққында тийисли мәмлекетлик уйымлардан мәлимлеме сораўы ҳәм алыўы, танысыўы, ядролық қурылмалар пунктлерине белгиленген тәртипте барыў ҳуқықына ийе.
Сондай-ақ, нызамға муўапық, ядролық қурылма зоналарында рухсат етилмеген мәжилислер ҳәм басқа да ғалабалық илажларды өткериў қадаған етиледи.
Нызам менен радиоактив шығындыларды Өзбекстан аймағына алып келиў ҳәм алып кетиў мәселеси де тәртипке салынған болып, оған бола республика аймағына тек ғана бурын алып шығып кетилген радиоактив шығындылар ҳәм қайта ислеў өнимлерин алып келиўге жол қойылады.
Нызам рәсмий жәрияланған күннен баслап күшке киреди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги