Ҳүкиметтиң 2019-жыл 6-сентябрьдеги қарары тийкарында «Тәбийғый-климатлық ҳәм турмыслық шараятлары аўыр және қолайсыз болған орынларында ислейтуғын хызметкерлердиң мийнетине ҳақы төлеўге районлық коэффициентлерди, сондай-ақ, оларға ҳәр жылы берилетуғын қосымша дем алыстың ең кем мүддетин белгилеў ҳәм қоллаў тәртиби ҳаққында»ғы устав тастыйықланды. Бул ҳаққында «Ҳуқуқий ахборот» каналы хабар берди.

Ҳүжжет тийкарында «Районлық коэффициентлерди, сондай-ақ, оларға ҳәр жылы берилетуғын қосымша дем алыстың ең кем мүддети қолланылатуғын тәбийғый-климатлық шараятлары аўыр және қолайсыз болған орынлардың дизими» тастыйықланды.

Жыллық үстеме ҳәм жыллық қосымша дем алыслар тәбийғый-климатлық шараятлары аўыр ҳәм қолайсыз болған орынлардың дизимине киргизилген орынларда жумыс ислейтуғын барлық хызметкерлерге қолланылады ҳәм бериледи.

Бунда үстеме муғдары усы орын ушын белгиленген тийисли коэффициентин мийнет ҳақы суммасына көбейтиў арқалы белгиленеди.

Үстемелер хызметкер усы орында жасаўы ямаса жасамаўына қарамастан жумыс орны бойынша төленеди.

Дизимде көрсетилген аймақларға бир айдан аслам мүддетке хызмет сапарына жиберилген хызметкерлерге де усы аймақта болған ўақты ушын усы орын ушын нәзерде тутылған үстеме төленеди.

Бунда үстеме мийнетке байланыслы нызам ҳүжжетлеринде көрсетилген сапарларда қәрежетлерди қаплаў ушын төлемге қарамастан төленеди.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.