«Өзбекстан Сенаты «шаңарақлардың абаданлығын тәмийинлеў, олардағы ажырасыўлардың алдын алыў, мийнет пенен табылған қаржыларды перзентлердиң кәмалы ушын сарплаў»ды нәзерде тутатуғын нормативлик ҳүжжетти ислеп шығыў ўақты келди», – деп пикир билдирген Сенат ағзасы, Халық демократиялық партиясы Орайлық Кеңеси баслығының орынбасары Мақсуда Ворисова. Бул ҳаққында ӨзА хабар берди.
Сенатордың пикиринше, парламент жоқарғы палатасы тәрепинен қабыл етилиўи керек болған нормативлик ҳүжжетте төмендеги мәселелерге анық шешим көрсетилиўи керек:
Бириншиден, Сенат тәрепинен Өзбекстанда той ҳәм басқа мәресимлерде артықша қәрежетлерге жол қоймаў, ысырапгершиликтиң алдын алыў, өтирик абырой арттырыў мақсетинде, бир күнде артықша мәресимлер, дәбдебели тойларды тоқтатыў, ҳәр бир аймақтың өз жақсы дәстүрлерин есапқа алып, той ҳәм мәресимлердиң анық нормасын белгилеў ҳаққында қарар қабыл етилиўи керек.
Екиншиден, некелениўшилер арасында еки тәрептиң ҳуқық ҳәм миннетлемелери көрсетилген, шаңарақлық турмыста ҳәм ажырасқан жағдайда орынланыўы керек болған ўазыйпалар анық белгиленген «Неке шәртнамасы» дүзилиўи мәжбүрий енгизилиўи керек.
Үшиншиден, той беретуғын еки тәреп арасында тәреплердиң ўазыйпалары ҳәм миннетлемелери анық көрсетилген, Сенат қарары талаплары тийкарында дүзилген «Той шәртнамасы» әмелге енгизилиўи керек.
Төртиншиден, той ҳәм басқа мәресимлердиң Сенат қарары тийкарында өткерилиўи мәкан пуқаралар жыйынлары ҳәм аймақлық ишки ислер уйымлары тәрепинен қадағаланыўы керек.
Бесиншиден, барлық жәмийетлик шөлкемлер, министрликлер, ғалаба хабар қураллары тәрепинен халық арасында дәбдебели етип өткериў ҳәм ысырапгершиликке қарсы үгит-нәсият жумыслары алып барылыўы керек.
Алтыншыдан, бул жумысларда барлық дәрежедеги басшы хызметкерлер жеке түрде өрнек көрсетиўи керек.
Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлиги.