10-сентябрь күни Мәлимлеме ҳәм ғалабалық коммуникациялар агентлигиниң конференциялар залында Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министриниң орынбасары Сарвар Бузрукхонов, бас басқарма баслығы Абдували Холиқов, басқарма баслығы Мақсуд Ҳамроев ҳәм университет ректорлары қатнасыўында баспасөз конференциясы болып өтти.
Мәлим етилиўинше, қатаң түрде белгиленген 400 мың сумлық стипендия мәмлекетлик гранты тийкарында оқыйтуғынлар ушын да, контракта оқыйтуғынлар ушын да енгизиледи.
«Жаңа стипендиялы ҳәм стипендиясыз оқыў системасы сентябрь айынын толық иске түседи, – деди Сарвар Бузрукхонов. – «4» ҳәм «5» баҳаға оқыған мәмлекетлик грант тийкарындағы студентлер ушын мәмлекетлик бюджет есабынан 50 процентке шекем (200 мың сумға шекем)ги муғдарда хошаметлеўши қаржы ажыратылады».
Контракт тийкарында оқыйтуғын студентлер «4» ҳәм «5» баҳаларға өзлестирген жағдайда болса оларға жоқары оқыў орынларында шөлкемлестирилетуғын қор есабынан 50 процентке шекем (200 мың сумға шекем)ги муғдарда хошаметлеўши қаржы ажыратылыўы атап өтилди. Бундай қосымша стипендияны кимге бериў кереклигин ректорлар шешеди.
Ҳәзирги ўақытта питкериўши курс студентлерине бурынғы система сақлап қалынады, яғный олар алдынғыдай «3», «4», «5»лик стипендия алады.
Рәсмийлердиң айтыўына қарағанда, мәмлекетлик грант тийкарында оқып атырған студентлер, егер семестр жуўмағында 30%тен артық пәнлерден «3» баҳасын алса, келеси семестрде стипендия алыў ҳуқықынан айрылады.
Журналистлер менен сәўбетлесиў даўамында Сарвар Бузрукхонов: «Жәмийетшиликтиң пикирлеринен келип шыға отырып, қатаң түрде белгиленген 400 мың сумлық стипендия муғдары қайта көрип шығылыўы мүмкин», – деп қосымша еткен.
Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлиги.