Кеше, 10-сентябрь күни Мәлимлеме ҳәм ғалабалық коммуникациялар агентлигиниң конференциялар залында Өзбекстан Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги басшы хызметкерлери қатнасыўында баспасөз конференциясы шөлкемлестирилди. Бул ҳаққында «Хабардор» мәлим етти.

Илажға Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министриниң орынбасары Сарвар Бузрукхонов, министрликтиң басқарма баслығы Абдували Холиқов, басқарма баслығы Мақсуд Ҳамроев, мәлимлеме хызмети бас қәнигеси Баҳриддин Шайвалиев ҳәм бир неше жоқары оқыў орынларының ректорлары қатнасты.

Мағлыўматларға қарағанда, буннан былай «супер контракт»ти де екиге бөлип төлеў имканияты берилиўи мүмкин. Бирақ, елеге шекем «супер контракт» баҳалары ҳәм оның қосымша тәртиби тастыйықланбаған. «Супер контракт»ти төлеў тәртибин жеңиллестириў менен байланыслы жойбарлар ислеп шығылып атырғаны ушын ҳүжжет кешикпекте. Қарар ҳүкимет тәрепинен тастыйықланғаннан соң, тез арада жәрияланады, деп айтып өткен министр орынбасары.

Сондай-ақ, «супер контракт» төлеми ушын тәлим кредити жойбарын ислеп шығыў бойынша Орайлық банке тапсырма берилген. Буннан былай бул мәселе бойынша студентлер аймақлық банк бөлимлери арқалы мағлыўмат алыўы мүмкин.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.