2019-жыл 9-сентябрь күни пуқара Д.Х. (1996 ж.т.) ҳәм М.Т. (1997 ж.т) ның 2019-жылы 2-сентябрь күни туўылған қыз перзентлери туўыў комплексине қараслы имараттың арқа ҳәўлисинен тири ҳалында табылып, жанландырыў бөлимине жатқарылған, бирақ шыпакерлер тәрепинен көрсетилген медициналық жәрдемге қарамастан нәрестелер қайтыс болған. Бул ҳаққында Бас прокуратураның баспасөз хызмети хабар берди.
Анықланыўына қарағанда Наманган ўәлаятлық медициналық бирлеспесиниң туўыў комплексинде 2019-жыл 9-сентябрь күни саат шама менен 03:30 ларда пуқара Д.Х. майып туўылған перзентиниң жанына барып, оның аяғының тегис емес (майып) туўылғанынан ашыўланып, оннан қутылыў ҳәм қылмысын жасырыў мақсетинде өз қызын және оның менен бирге сол бөлмеде жатқан М.Т.ның қызын да алып, туўыў үйиниң екинши қабатынан жерге таслап жиберген.
Ақыбетте нәрестелер аўыр дене жарақатын алған ҳәм қайтыс болған.
Жүз берген жағдай бойынша 2019-жыл 9-сентябрь күни пуқара Д.Х.ға қарсы ЖКниң 97-статьясының 2-бөлими «а,в» бәнтлери ҳәм Наманган ўәлаятлық медициналық бирлеспесиниң туўыў комплексиның жуўапкер шахсларына ЖКниң 116-статьясы 4-бөлиминиң «а» бәнти менен жынайый ис қозғалып, Д.Х. процессуал тәртипте усланған.
Дәслепки тергеў ҳәрекетлери даўам етпекте.
Қарақалпақстан хабар агентлиги