Сайлаўлар мәмлекет ҳәм жәмийетлик турмыста әҳмийетли орын тутатуғын сиясий процесс болып есапланатуғынлығы себепли елимизде декабрь айында Олий Мажлис Нызамшылық палатасы ҳәм жергиликли Кеңеслерге болып өтетуғын сайлаўлардың ҳәр қашанғыдан да ашық-айдын өтиўин тәмийинлеўге айрықша итибар қаратылмақта.
Жақында Президентимиздиң басламасы менен Өзбекстан Республикасының Сайлаў Кодекси ислеп шығылды. Ҳәзирги ўақытта усы кодекстиң мазмун-мәнисин кең жәмийетшиликке жеткериў ҳәм сайлаўдың жоқары дәрежеде өтиўин тәмийинлеўде өзиниң талабанларын усынып, сайланыўына ерисиў ушын умтылып атырған сиясий партия хызметкерлериниң билим ҳәм тәжирийбелерин арттырыў мақсетинде орынларда семинар-тренинглер өткерилмекте.
Усы жыл 10-сентябрь күни Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында Өзбекстан «Миллий тикланиш» демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси тәрепинен усы мақсетте «Сайлаўлар: жеңиў стратегиясы ҳәм тактикасы» атамасында семинар-тренинг болып өтти.
Үш күн даўам ететуғын усы семинар барысында жергиликли партия шөлкемлериниң хызметкерлери сайлаўға байланыслы темаларда лекциялар тыңлап, заманагөй сайлаў системасы, раўажланған еллердиң тәжирийбелери туўралы мағлыўматларға ийе болады.
– Семинар даўамында бизлердиң сайлаў процесслерине таярлығымыз, «Сайлаў кодекси»ниң мазмун-мәниси, талабанлар менен ислесиў, оларды таңлап алыў бойынша билимлеримиз және бир мәрте беккемленди,-дейди семинар қатнасыўшысы, партияның Қанлыкөл районлық Кеңесиниң хызметкери Н.Назарбаева. – Бизлерге усы сайлаў процесслери бойынша таярлықтан өтип келген тренерлер, ӨзМТДП Орайлық Кеңесиниң бөлим баслығы Ш.Насимов ҳәм басқалар сиясий партиялардың сайлаў кампаниясындағы қатнасыўы, сайлаў кампаниясының тактикасы, нәтийжели сайлаў бағдарламаларын ислеп шығыў ҳәм басқа да мәселелери бойынша мағлыўматлар бермекте.
Семинарда партия ҳәм талабанлардың имиджин қәлиплестириў жоллары, усыллары бойынша пикир-усыныслар билдирилип, теориялық мағлыўматлар әмелият пенен байланыстырып көрсетип барылды.
Семинар-тренинг қатнасыўшылары өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.