Мәлимлеме ҳәм ғалабалық коммуникациялар агентлигинде «Өзбекстан темир жоллары» АЖ басшылары қатнасыўында баспасөз конференциясы болып өтти. Онда 2018-жыл 2-январьдағы Президент Пәрманы тийкарында тастыйықланған «Тебинбулақ кәни базасында кән-металлургиялық комплексиниң қурылысы» жойбарын әмелге асырыў мақсетинде исленип атырған жумыслар, комбинаттың болжанып атырған портрети ҳаққында толық мағлыўмат берилди, деп жазбақта Kun.uz сайты.

Бул комплекстиң қурылысы жергиликли шийки заттан пайдалана отырып, заманагөй полат өндирисин шөлкемлестириў есабынан өз металлургиялық комплексин шөлкемлестириў, экспорт потенциалын арттырыў ҳәм импортты кемейтиўди мақсет етпекте. Жойбар 2024-жылы пайдаланыўға тапсырылыўы жобаластырылған.

Тебинбулақ кәни негизинде кән-металлургиялық комплексин қурыў дирекциясының директор орынбасары Азиз Алимовтың мағлыўмат бериўинше, комплекстиң өндирислик қуўатлылығы жылына 1,5 миллион тоннаны қурайды. Геологиялық излеўлердиң нәтийжесине муўапық, кәнде 2 миллиард тонна шийки зат қоры бар. Кәннен жылына 33 миллион тонна руда қазып алынып, оннан 1,5 миллион тонна темир алыныўы күтилмекте. Бул кәнниң резерви 50 жылға шекем жетиўи болжанбақта. Комплекс жылына 900 мың тонна арматура, 225 мың тонна сым, 375 мың тонна мүйешлик, швеллер ҳәм басқа қурылыс ушын зәрүр болған шийки затлар ислеп шығарыў қуўатлылығына ийе болады. Комплекс 2 мыңнан аслам адамды жумыс пенен тәмийинлеўи күтилмекте. Өнимниң 35 проценти экспортқа бағдарланады.

Дирекция директоры Ботир Рустамовтың мәлим етиўинше, полаттың ҳәр бир адам басына үлеси АҚШта 600-700 килограмм, орташа раўажланған мәмлекетлерде 200-300 килограмм, Өзбекстанда болса 60-70 килограммды қурайды.

«Бул раўажланған мәмлекетлерге салыстырғанда бир қанша төмен көрсеткиш. Мәмлекеттиң полатқа болған зәрүрлигин қанаатландырыў ушын бул көрсеткишлерди арттырыў керек. Тебинбулақ кәнинен де усы мақсетте пайдаланылады», – деп айтып өткен Ботир Рустамов.

Мәлим етилиўинше, Өзбекстанда темир рудасын қазып алыў мүмкин болған үш дәрек бар. Ташкент ўәлаятының Паркент районындағы Суюн ата кәнинде 30 процентке шекем темир болып, резерв көби менен 25 миллион тоннаны қурайды.

Самарқандтағы Темиркон дәрегинде 100 миллион тоннаға шекем резерв бар. Бирақ оларда руда бир қанша тереңликте жайласқаны, резерв те аз екенлиги себепли қазып алыў қәрежет тәрептен мәпдарлы емес.

Қарақалпақстандағы Тебинбулақ кәни совет дәўиринде ашылған болып, сол дәўирде де бул кәннен жақсы өним алыў мүмкинлиги тастыйықланған. Кәнниң ҳәзирги ўақытта жобаластырылып атырған 350 метр тереңлигинде 2 миллиард тонна руда анықланған. Кейин ала 800 метрге шекемги тереңликте және руда алыныўы болжанбақта.

«Бул кәндеги рудада 13 процент темир бар. Бул үлкен көрсеткиш емес. Негизинде 65 процент темир болған аймақта руданы қазып алыў мәпдарлы болып табылады. Бул кәннен алынған темирге ванадий ҳәм титан металларын қосып, концентрациясын 68 процентке жеткериў күтилмекте. Бул өнимниң сапасын ҳәм беккемлигин де арттырады», – дейди дирекция директоры.

Рәсмийлердиң сөзлерине қарағанда, ҳәзирги ўақытта темир менен ислеп атырған бирден-бир кәрхана «Өзметкомбинат» болып табылады. Ол жылына 1 миллион тонна таяр өним ислеп шығарыўы мүмкин, бирақ екилемши шийки зат тийкарында жумыс ислейди. Яғный оның ислеўи ушын металлолом талап етиледи.

«Жақын өтмиштеги 15 жыл даўамында ҳәр бир шөлкемниң металлолом тапсырыў бойынша жобасы болған. Бул жоба көрсеткишлери металлоломды импорт етиў есабынан азайған. Бирақ, импорт баҳасы оғада қымбат. Жылына 2 тонна металлолом киргизиў ушын 2 миллиард АҚШ доллары талап етиледи. Өндирис көлеминиң артыўы есабынан бул шийки затты импорт етиўге талап та, қәрежет те артып бара береди», – деп айтып өткен Ботир Рустамов.

Рәсмийлер Тебинбулақ кәни тийкарында кән-металлургиялық комплексиниң жолға қойылыўы металлоломға болған зәрүрликти қаншелли қанаатландыра алыўы ҳаққындағы сораўға да жуўап берди.

«Тебинбулақ тек ғана тәбият қушағынан алынған таза руда тийкарында ислейди. Оған металлолом керек емес. Бирақ «Өзметкомбинат»тың зәрүрлиги көп болғаны себепли металлоломға болған талап та жоқ болып кетпейди. Тебинбулақ кәни «Өзметкомбинат»тың ыссы еритилетуғын темирге болған зәрүрлигин қаплаўы мүмкин», – деген дирекция директорының орынбасары.

Тебинбулақ кән-металлургиялық комплексиниң жумысларын жолға қойыўда Германияның «DMT Group», Австрияның «Horst Viesenger Konsulting» кәрханалары менен бирге ислесилмекте. Кәндеги рудадан 3 мың тонна көлемде Германияның «SGA» илимий изертлеў лабораториясына жиберилген болып, онда руданы байытыў ҳәм оннан темир элементин ажыратып алыў бойынша сынаў тәжирийбелери өткерилмекте. Аймақтағы бар болған резервлерди халықаралық JORK кодексине муўапық баҳалаў және Банк техникалық-экономикалық анализин өткериў процеслери әмелге асырылмақта.

 

Ислам Матеков аўдармасы,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.