Халықаралық өнерментшилик фестивалы
Қоқанд қаласындағы Орда майданында қарақалпақ өнерментлериниң әмелий көркем өнер ҳәм өнерментшилик көргизбелерин көрсететуғын павильон бой тикледи.
Қарақалпақ кийиз ҳәм алашаларындағы нағысларға ҳеш итибар берип көргенсиз бе? Олар өзине тән болып, нағыс техникасы өзгеше, аппликация жолы менен түсириледи. Нағыслардың көпшилиги толқын көринисинде. Бул ески орнамент болып есапланады ҳәм суў белгисин сәўлелендиреди. Нәтийжеде қарақалпақ өнерментлери жаратып атырған буйымлар адамның психикасына хошкейпият бағышлайды, терең ойлаўға шақырады.
Қарақалпақ халқының материаллық емес мәдений мийрасы, турмыстың талабына муўапық дүньяға келип, әсирлер даўамында қәлиплесип, безелип, сийрек гезлесетуғын өнер сыпатында қәдирленип келген гулалшылығы да ески тарийхқа ийе. Ҳәттеки, гулалшылық, гилем тоқыўшылық, ағаш усташылығы соншелли раўажланған, қарақалпақ жериндеги ең ески қалалар – Хожели, Төрткүл, Шаббаз, Шымбайда бул өнер ийелери белгили бир аймақта жасаған. Олар жасаған аймақ ямаса көше ҳәм өнерментлердиң аты менен гулалшылар, гилем тоқыўшылары ямаса нағыс ойыўшылар көшеси деп аталған. Елимизде алып барылған археологиялық изертлеўлер нәтийжесинде табылған гулалшылық әййемги естеликлер бул өнердиң келип шығыўы узақ тарийхымызға тийисли екенинен дәрек береди.
Сондай-ақ, ески халық гилем тоқыўшылық дәстүрлери көп әўладлардың дөретиўшилик ҳәрекетлери нәтийжесинде раўажланып, оғада узақ ҳәм терең тамырларға ийе. Аўыллық жерлерде тийкарынан ҳаял-қызлар тәрепинен үйинде тоқылған гилемлер әпиўайы, бирақ қурамалы техникада ислеп шығылғанын аңлатады, усы тәризде реңлер, формалар, нәзик нағыс комбинацияларына ийе.
Ғәрезсизлик жылларында елимизде миллий өнерментшиликтиң раўажланыўына қаратылып атырған итибар себепли ағаш усташылығы көркем өнери де жедел раўажланбақта. Уста-өнерментлер тәрепинен жоқары талғам ҳәм шеберлик пенен таярланып атырған бир-биринен минсиз ҳәм бийтәкирар өнимлер тек елимизде емес, ал сырт мәмлекетлерде де жоқары баҳаланып атыр.
– Мәмлекетимиз басшысының 2017-жыл 17-ноябрьде қол қойған «Өнерментшиликти буннан былай да раўажландырыў ҳәм өнерментлерди ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў илажлары ҳаққында»ғы пәрманы тараўды раўажландырыўда әҳмийетли фактор болмақта, – дейди «Өнермент» ассоциациясының Қарақалпақстан Республикасы басқармасының баслығы Дилфуза Алламбергенова. – Усы ҳүжжет жәрияланғанға шекем Қарақалпақстанда 330 өнермент ассоциацияға ағза болған болса, ҳәзирги ўақытта ағзалардың саны 4 мыңнан асты. Уста-өнерментлеримиздиң өнимлери сырт еллилерде де үлкен қызығыўшылық оятпақта. Атап айтқанда, Сингапур мәмлекетинде қарақалпақ қара үйлерине, Европада сувенир ойыншықлар, миллий гилем тоқыўшылық көркем өнерине қызығыўшылық артпақта. Қоқанд қаласында болып атырған халықаралық өнерментшилик фестивалында 46 өнерментлеримиз қатнаспақта.
Қарақалпақ халқының өзине тән миллий қәдириятларынан бири – қара үй болып есапланады. Қара үй Қарақалпақстанның мирәт қағазына айланған, десек, әйне ҳақыйқат. Себеби бул көшпелли халықтың баспанасы емес, ал өтмиши, тарийхы ҳәм мәдениятының әҳмийетли бир бөлеги де болып есапланады. Сол себепли әсирлер өтип қара үй тигиў дәстүри қәстерлеп сақланып, көркем өнер дәрежесине көтерилген. Қара үй өзиниң қурылысы, көриниси менен басқа халықлардың қара үйинен парықланып турады. Фестивальда Файзулла ҳәм Мансур Назарбаев, Саламат Қобланбаевлар қатнасыўшылардың көз алдында қара үйдин қурылыўын көрсетип береди. Бул жерге усталар тәрепинен 12 қара үй алып келинди. Усталардың айтыўынша, бир қара үйди соғыў ушын кеминде еки ай ўақыт кетеди екен.
Шоманай районынан Алтынай Нәўбетова үш әўлад өнерментлер шаңарағының перзенти. Оның қой, түйе терисинен тоқып атырған гилемлери оғада белгили. Фестивальда өнермент ҳаял-қызлар гилемниң көплеген түрлерин көрсетиў тилегинде.
Маъсуджон СУЛАЙМОНОВ,
ӨзАның хабаршысы