2019-жыл пахтаны жыйнап терип алыў жумысларын шөлкемлескенлик пенен өткериў илажлары ҳаққында Ҳүкимет қарары қабыл етилди (752-санлы, 09.09.2019 ж.). Бул ҳаққында «Ҳуқықый ахборот» телеграм каналы хабар береди.
Қарарға муўапық:
машинада терилген 1 т пахта ушын – 600 000 сум хызмет ҳақы;
қолда терилген 1 кг пахта ушын биринши теримде – 800 сумнан, екинши теримде –1200 сумнан;
мәўсим даўамында теримшилер отрядының басшыларына ҳәр айда 2 млн сумнан, терим орайларының басшыларына 3 млн сумнан мийнет ҳақы төленеди.
Сондай-ақ, пахта тоқымашылық ислеп шығарыў шөлкемлерине ҳәм кластерлерге пахтаны терип алыў ушын банклер тәрепинен жыллық 16 процент ставкада кредит ажыратылады.
Буннан тысқары, қарарға муўапық 2019-жылдың зүрәәтин қысқа мүддетте жыйнап алыў, теримшилер менен өз мүддетинде есапласыў ушын Аўыл хожалығын мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў қорына 2020-жылда қайтарыў шәрти менен процентсиз ссуда ажыратылады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги