«Өзбекстан Республикасында нотариат системасын түпкиликли реформалаў илажлары ҳаққында»ғы Президент пәрманына муўапық, келеси жылдың 1-январынан баслап қурылысы жуўмақланбаған турақ-жайларды сатыўда ҳәкимликлердиң рухсаты, қәўендерликтеги шахстың атынан турақ жайды ижараға (арендаға) бериўде қәўендерлик уйымның рухсаты талап етилмейди, деп жазады gazeta.uz сайты.
Сондай-ақ, 2020-жыл 1-январьдан баслап, кәрхананы ижараға, тегин пайдаланыўға бериў, бирлемши базарда мүлкти лизингке бериў ҳәм гиреў (ипотека) шәртнамаларын мәжбүрий нотариаллық тастыйықлаў бийкар етиледи.
Қарақалпақстан хабар агентлиги