2020-жыл 1-январьдан баслап жеке-меншик нотариуслық уйымлар шөлкемлестириледи. Бул Президент тәрепинен қол қойылған «Өзбекстан Республикасында нотариат системаны түпкиликли реформалаў илажлары ҳаққында»ғы пәрманда өз сәўлелениўин тапқан, деп хабар бермекте gazeta.uz сайты.
Пәрманға муўапық, Нотариал палата шөлкемлестириледи ҳәм оған барлық нотариуслер ағза болады. Сондай-ақ, мүлкке байланыслы келисимлерди тастыйықлаўда да бир қатар талаплар бийкар етиледи.
Атап айтқанда, 1-октябрьден баслап автотранспорт қуралын басқарыў ушын жақын туўысқанлар арасында нотариус тәрепинен тастыйықланатуғын исеним хаты (доверенность) бийкар етиледи.
Қарақалпақстан хабар агентлиги