Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигиниң 2019-жылы жоқары оқыў орынларында төлемли контракт тийкарында оқытыў баҳасының орнатылыўына байланыслы түсиндирмеси

 

2019-жылдың 1-сентябринен баслап жоқары оқыў орынларында төлемли контракт тийкарында оқытыў баҳасы муғдарларының жаңа оқыў жылы ушын орнатылыўы бойынша Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги студентлер ҳәм олардың ата-аналарына төмендеги мағлыўматларды жеткереди.

Республикада жоқары билимлендириў системасында әмелдеги тәртипке муўапық, тест сынақлары нәтийжелерине муўапық ең жоқары балларды топлаған студентлер мәмлекетлик грант тийкарында бийпул оқыйды. Өз гезегинде Мәмлекетлик буйыртпасы параметрлери шеңберинде контракт тийкарында «өтиў» балларын топлап қабыл етилген студентлер болса, оларды оқытыўға сарпланатуғын қәрежетлердиң бир бөлимин төлеўин нәзерде тутатуғын социаллық жақтан қорғалған базалық төлемли контракт түри тийкарында оқыйды.

 

Соның менен бирге, студентлерге төлемлерди әмелге асырыўда қолайлық жаратыў, халықтың кең қатламы ушын жоқары билимлендириўдиң ғалабалығын тәмийинлеў мақсетинде 2019-2020-оқыў жылынан баслап төлемли контракт баҳасы муғдарлары еки түрли көринисте – «стипендиялы» ҳәм «стипендиясыз» етип белгиленди.

 

Стипендиясыз баҳа муғдарлары, ҳәр айда студентке төлениўи белгиленип атырған 400 000 сум, бир жылда улыўма 4 800 000 сумды айырып таслаў есабынан қәлиплестириледи.

 

Мәселен, бакалавриаттың Гуманитар пәнлер, Педагогика, Техника, Аўыл ҳәм суў хожалығы билимлендириў бағдарлары бойынша төлемли контракт тийкарында оқып атырған студентлер (улыўма студентлердиң дерлик 80 проценти) 2019-2020-оқыў жылынан баслап, төмендеги тәртипте төлемлерди әмелге асырыўы мүмкин:

– Стипендия менен – 10 792 960 сум (Мийнетке ҳақы төлеўдиң ең кем муғдарына салыстырғанда 17 есеге);

– Стипендиясы – 5 992 960 сум (10 792 960 сум – 4 800 000 сум).

 

Сондай-ақ, халыққа төлемлерди әмелге асырыўда жеңиллик жаратыў мақсетинде контракт суммаларын айма-ай бөлип төлеў имканияты бериледи және жоқаоы оқыў орынларының ректорлары төлеў мүддетлерин узайтыў ўәкиллигине ийе болады.

Билимлендириў бағдарлары кесиминдеги төлемли контракт баҳасы муғдарлары менен Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигиниң www.edu.uz сайты арқалы танысыўыңыз мүмкин.

 

Жаңа оқыў жылында төлемли контракт баҳасы муғдарының 18 процентке көбейтилиўинде (индексациялаўда) тийкарғы фактор сыпатында жоқары оқыў орынлары хызметкерлериниң мийнет ҳақы муғдарлары (өткен оқыў жылында 3 есе), коммуналлық хызметлер тарифлер ҳәм басқа сақлаў қәрежетлери артқаны себепли, жоқары оқыў орынлары қәрежетлерин дәраматларына салыстырғанда 74 процентке артқаны есапқа алынды.

Соның менен бирге, жасларды жоқары билимлендириў менен қамтыў көрсеткиши 2017-2018-оқыў жылындағы 9 проценттен быйылғы оқыў жылында 20 процентке көбейгени ямаса студентлер контингентиниң 126 мыңға көбейгени жоқары оқыў орынларында оқытыўшылар ҳәм оқыў имаратлары қуўатлылықларын жаратыў бойынша қосымша талапқа алып келеди, бул болса өз гезегинде қосымша қәрежетлерди талап етеди.

 

Жоқарыдағыларды есапқа ала отырып, 2019-2020-оқыў жылынан төлемли контракт муғдарларының орташа 18 процентке көбейтилиўи – бир студентти бир жыллық оқытыў қәрежетлериниң белгили бир бөлегин, яғный орташа 68 процентин қапламақта (бул қәрежетлердиң қапланыўы өткен жылдағы дәрежеде сақланып қалынбақта).

 

Жоқары оқыў орынларын Мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў мақсетинде ҳәзирги ўақытқа шекем жумыслары сапластырылып атырған кәсип-өнер колледжлери ҳәм лицейлердиң 77 251 орынлық оқыў имаратлары, 3 000 орынлық студентлер турақ жайлары қосымша қуўатлылық сыпатында жоқары оқыў орынларына өткерип берилип, қосымша имканият жаратылды.

 

Ҳәзирги ўақытта жоқары оқыў орынларының материаллық-техникалық базасын беккемлеў, оқыў ҳәм социаллық инфраструктурасын модернизациялаў, заманагөй оқыў-лабораториялық үскенелер, компьютер техникасы ҳәм мебельлер менен үскенелеў, китапхана қорын толтырыў ҳәм басқа қарежетлердиң 90 процентинен асламы мәмлекетлик қаржылар есабынан әмелге асырылмақта.

 

Атап айтқанда, Өзбекстан Республикасы Президенти Қарары менен тастыйықланған жоқары оқыў орынларының материаллық-техникалық базасын модернизациялаў Бағдарламасы шеңберинде 2016-2018-жылларда республикалық жоқары оқыў орынларының 87 имарат ҳәм объектлеринде қурылыс, реконструкция, капитал оңлаў және үскенелеў жумыслары ушын Мәмлекетлик бюджеттен улыўма 749,4 миллиард сум қаржы бағдарланған.

 

2019-жылы болса усы мақсетлер ушын Мәмлекетлик бюджеттен 662,0 миллиард сум қаржы ажыратылды, бул өз гезегинде, 33 жоқары оқыў орнында және 54 жаңа объектти пайдаланыўға тапсырыў имканиятын береди.

 

Сондай-ақ, усы жыллар даўамында бюджет қаржылары есабынан 32 жоқары оқыў орны 31,7 миллион долларлық сырт еллерде ислеп шығарылған заманагөй 28 түрдеги 144 оқыў лабораториялық топламлары менен және 36 жоқары оқыў орны 15,8 миллиард сумлық 5087 компьютер менен тәмийинленди.

 

Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги студентлерди ҳәм олардың ата-аналарын қызықтырған барлық сораўларға, соның ишинде, оқыў ушын төлем түри, студентлер ҳәм олардың ата-аналары тәрепинен билим алыў ушын мийнет ҳақыдан бағдарланатуғын қаржыларға қолланылатуғын жеңилликлерди қоллаў тәртибине байланыслы, сондай-ақ, тәлим кредити ҳәм басқа сораўларға жазба тәризде және мәмлекетлик интерактив хызметлер арқалы жуўап бериўге тайын екенлигин билдиреди.

 

Министрликтиң почта мәнзили: Ташкент қаласы, 100095,

2-Шымбай көшеси, 96-жай.

Телефон: 71 246-01-76, 71 246-10-63

Электрон почта: moliya@edu.uz

Веб-сайт: www.edu.uz.

 

Ислам Матеков аўдармасы,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.