Нөкис қаласы «Шымбай шайхана» мәкан пуқаралар жыйынында қалалық судлардың баслықлары тәрепинен гезектеги көшпели қабыллаў болып өтти.
Жынаят ислери бойынша Нөкис қалалық судының баслығы Ш.Шамамбетов, қалалық Ҳәкимшилик судының баслығы А.Салиев, экономикалық судының баслығы З.Хасанова тәрепинен өткерилген илаждың мақсети, исбилерменлик субъектлериниң машқалаларын үйрениў, олардың ҳуқық ҳәм еркинликлериниң бузылыў жағдайларының алдын алыў болып табылады.
Қабыллаўда исбилерменлердиң мүрәжатлары ҳәр тәреплеме көрип шығылып, көпшилиги усы жердиң өзинде унамлы шешимин тапты. Соның менен бирге, Президентимиздиң басшылығында елимизде исбилерменликти раўажландырыў, инвестицияларды тартыў ҳәм бизнес жүргизиў ушын қолайлы орталық жаратыў, исбилерменлердиң нызамлы мәплерин қорғаў бойынша әмелге асырылып атырған илажлар бойынша ҳуқықый түсиник берилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.