«Жанажан Өзбекстаным, мәңги бол аман!»

Қарақалпақстан Республикасының Қанлыкөл районының орайында «Жаслар орайы» пайдаланыўға тапсырылды.

Улыўма баҳасы 1 миллиард 400 миллион сум болған бул имаратты «Нөкис қурылыс монтаж» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң қурылысшылары белгиленген мүддетте сапалы қурып пайдаланыўға тапсырды.

2.JPG

Ашылыў мәресиминде атап өтилгениндей, мәмлекетимиз басшысының басламасы менен мәмлекетимизде жаслардың тәлим-тәрбия алыўы, бос ўақытларын кеўилли өткериўи ушын барлық шараятлар жаратылмақта. Жаңадан қурылған мәкемеде Мәлимлеме-ресурс орайы, инглис, рус, математика ҳәм «Мәлимлеме коммуникация технологиялары» дөгереклери жумыс алып барады.

Бүгинге күнде Қанлыкөл районындағы 50300 халықтың 25848 ин отыз жасқа шекемги жаслар қурайды. Бул, халықтың дерлик 50 проценти жаслардан ибарат екенлигин билдиреди.

3.JPG

– «Жаслар орайы»ның пайдаланыўға тапсырылыўы бизлерге және де күш-ғайрат бағышлайды, – дейди райондағы белсенди жаслардан бири Сарбиназ Сапарбаева. – Әсиресе, «Рус тили» дөгерегиниң ашылыўы мениң ушын жақсы болды. Дөгеректе рус ҳәм басқа да шет тиллерин терең үйренип, келешекте Ўатанымның раўажланыўына өз үлесимди қосыў нийетиндемен.

– Районымызда шет тиллерин үйрениўге қызығатуғын жаслар коп, – дейди «Дослық» мәкан пуқаралар жыйынында жасаўшы Базаргүл Бабажанова. – Атап айтқанда, қызым Альфия Амангелдиева «инглис тили» дөгерегине ағза болды. Жаратылып атырған бундай имканиятлар перзентлеримиздиң келешекте ҳәр тәреплеме жетилискен, халқымызға мүнәсип перзент болып камалға келиўинде әҳмийетли фактор болады.

4.JPG

5.JPG

6.JPG

7.JPG

Орайдың қурылғаны қанлыкөлли жаслар ушын ғәрезсизлигимиздиң 28 жыллығы ҳәм жаңа оқыў жылына әжайып саўға болғанын атап өтиў керек.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.