Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 6-сентябрь күни 2020-2030-жылларда аўыл хожалығын раўажландырыўдың әҳмийетли бағдарларына бағышланған мәжилис өткерди.

Мәмлекетимиз аўыл хожалығы бойынша үлкен потенциалға ийе. Базарларымыз толы, халқымыз ырысқы-несийбесиниң мол болыўынан баслап, экспорттан қосымша дәрамат табыўға шекемги болған оғада көп мәселелер усы бағдардың раўажланыўына байланыслы.

Бирақ көп жыллар даўамында аграр тараўға жетерли дәрежеде итибар берилмеди. Базар экономикасына, я болмаса жерге мүнәсибет, ямаса мәпдарлық жоқ еди. Қаржы, илимий инновациялар тартылмады. Ақыбетинде жерлер «шаршап», өнимдарлық төменлеп кетти. Өнимди қайта ислеў, қосымша қун алыў бойынша система жаратылмады.

Кейинги жылларда тараўды реформалаў ҳәм базар механизмлерин енгизиў бойынша бир қатар жумыслар әмелге асырылды. Мәмлекетлик сатып алыўдың баҳалары дерлик 3 есеге көтерилгени нәтийжесинде дийқан ҳәм фермерлерде мәпдарлық сезими артты. Пахташылық ҳәм ғәллешилик қол көмеги емес, ал шын мәнисинде дәрамат дәрегине айланды.

Жаңа технология ҳәм инновацияларды енгизиў, мийнет өнимдарлығын ҳәм мийнет ҳақыны арттырыў мақсетинде 76 пахта-тоқымашылық кластери шөлкемлестирилди. Усы жылдың өзинде 25 мың гектар пахта майданларында суўды үнемлеўши жаңа суўғарыў системасы енгизилди. Пайдаланыўдан шыққан 1 миллион 100 мың гектар жерди қайта иске қосыў бойынша үлкен ис-ҳәрекетлер басланды.

Булар – реформалардың биринши басқышы.

Президент тек ғана бүгин емес, ал ертеңги күнди де ойлап, узақты гөзлеп реформаларды жаңа басқышқа көтериў ўазыйпасын қоймақта. Усы мақсетте аўыл хожалығын раўажландырыўдың 2020-2030-жылларға мөлшерленген стратегиясы ислеп шығылмақта. Бул экономикамыздың тийкарғы өсиў негизи, «драйвери» болады. Мыңлаған жумыс орынлары жаратылады, адамлардың дәраматы артады.

Мәжилисте ислеп шығылып атырған стратегияны әмелге асырыў ушын зәрүр болған әҳмийетли ўазыйпалар белгилеп берилди.

Жер ийелери өнимдарлық ҳәм зүрәәтлиликти арттырыў мақсетинде жерге инвестиция киргизиўге умтылыўы ушын олардың ертеңги күнге толық исеними болыўы керек. Сол себепли мәмлекетимиз басшысы нызамшылықты пүткиллей жаңалап, жер ажыратыўдың ашық системасын ҳәм жерге болған ҳуқықтың кепиллениўин, жерге қол қатылмасылығын тәмийинлеў, жерге болған мүнәсибет түсинигин ҳуқық тараўына киргизиў зәрүр екенлигин атап өтти. Бул тек ғана халықтың бәнтлигин, экспортты емес, ал бюджетке қосымша дәраматлардың түсимин де  тәмийинлейди.

Бунда, ең дәслеп, аўыл хожалығы жерлериниң анық есабын жүргизиў, олардан пайдаланыўды жетилистириў әҳмийетли екенлиги атап өтилди. Усылардан келип шығып, «Давергеодезкадастр» комитетиниң 2021-жылдың ақырына шекем республиканың барлық аймақларында жерди есапқа алыў жумысларын, жер есабын жүргизиў бойынша бирден-бир электрон базаны жаратыў тапсырылды.

Аўыл хожалығында суўдан дурыс пайдаланыў да әҳмийетли мәселе. Таллаўларға бола, елимизде егислик жерлерге миллиардлап куб метр суў жиберилсе де, оның тек ғана 60 проценти егинлерге жетип барады, қалғаны болса ирригация системаларында ҳәм суўғарыў процесинде жоқ болады.

Жәҳән ресурслар институтының болжаўларына қарағанда, 2040-жылға барып Өзбекстан суўдың жетиспеўшилиги  оғада күшли болған 33 мәмлекеттиң қатарына кириўи мүмкин.

Сол себепли мәмлекетимиз басшысы бул мәселеге айрықша итибар берип, суўдан пайдаланыў нәтийжелилигин арттырыў ҳәм оның есабын жүргизиў, ҳәр жылы 200 мың гектар майданда суўды үнемлеўши технологияларды енгизип барыў зәрүр екенлигин атап өтти. Усы бағдарлар ислеп шығылып атырған стратегияда өз сәўлелелниўин табыўы зәрүрлиги атап өтилди.

Мәжилисте аўыл хожалығын мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў ҳәм мәмлекетлик сатып алыў системасын жетилистириў мәселелери додаланып, бюджет қаржыларының тийкарғы бөлегин жерлердиң өнимдарлығын арттырыў, суўды үнемлеўши технологияларды енгизиў, илимди раўажландырыўға жумсаў керек екенлиги көрсетип өтилди.

Тараўдың экспорт потенциалын арттырыў ҳәм қосымша қунға ийе болған өнимлерди ислеп шығарыў көлемин көбейтиў мәселелерине айрықша итибар қаратылып, бул бағдардағы дүнья тәжирийбеси көрип шығылды.

Мәселен, Түркияда  1 гектар жерден 2 мың долларлық, Египетте 8 мың долларлық, Израилда 12 мың долларлық өним жетистириледи. Мәмлекетимизде болса бул көрсеткиш 300 доллардан артпай атыр. Бәрқулла бирден-бир стандарттағы товар жеткерип бериў жолға қойылмай атырғанлығы себепли өнимлеримиз сыртқы базарда бәсикилесе алмай атыр.

Аграр тармақтағы экспорттың көлеми 2018-жылда 2,3 миллиард долларды қураған. Стратегияда белгиленип атырған ўазыйпаларды әмелге асырыў нәтийжесинде бул көрсеткишти 2030-жылға барып 20 миллиард долларға жеткериў мөлшерленбекте.

Мәжилисте жуўапкерлерге өнимлерди Европа Аўқамы, Шығыс Азия ҳәм Араб мәмлекетлери стандартлары тийкарында сертификатлаў системасын енгизиў бойынша тапсырмалар берилди. Буны мийўениң сортын таңлаўдан баслаў керек екенлиги атап өтилди.

Бул бағдарда қыйтақ жер хожалықлары да үлкен резерв екени, «бир мәҳәлле – бир өним» принципи тийкарында орынларда логистика хызметин кеңнен жолға қойыў, киши ислеп шығарыўшыларды кооперацияға бирлестирип, өнимлердиң сапасын ҳәм стандартларының  бирдейлигин тәмийинлеў керек екенлиги атап өтилди.

Хызмет көрсетиў бағдарында да кемшиликлер бар. Мәселен, бул системада бәсекиниң жоқ екенлиги себепли хызметлердиң баҳасы жоқары, өним ислеп шығарыўшыларда таңлаў имканияты жоқ. Соның ушын минерал төгинлерди жеткерип бериў, өсимликлерди қорғаў, техника ҳәм басқа да хызметлер тараўында мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында хызмет түрлерин көбейтиў, жеке меншик кәрханаларын жумысын жолға қойыў зәрүрлиги атап өтилди.

Усы жылы басланған жерди космослық зондлаў арқалы топырақ ҳәм егинлердиң ҳақыйқый жағдайын тез ҳәм исенимли  баҳалаў жумысларын 2020-жылдың ақырына шекем толық жуўмақлаў керек. Бул система вегетация процеси, топырақтың мелиоративлик жағдайы ҳәм минералласыў муғдары, ығаллық дәрежеси ҳаққында толық мағлыўмат берип, өнимдарлықты   25-30 процентке шекем арттырыў имканиятын береди. Бул тек ғана мәмлекет ушын емес, ал фермерлер ушын да оғада пайдалы. Бул системаға жалғаныў арқалы дийқанлар да, экспортшылар да қайсы жерде қандай өним егилгенин көрип турады, өз режесин ҳәм базар коньюнктурасын анық баҳалайды.

Мәжилисте жуўапкерлерге аўыл хожалығы статистикалық басқарыўын реформалаў, соның ишинде, егинлерди жайластырыўдан тартып сатыўға шекемги болған процесслерди толық санластырыў системасын жолға қойыў бойынша тапсырмалар берди.

Стратегиядағы ўазыйпаларды нәтийжели әмелге асырыў, бәринен бурын, кадрлардың дәрежеси менен байланыслы. Бул тараўға қәнигелескен 7 жоқары билимлендириў мәкемесин ҳәр жылы 3 мыңнан аслам жаслар питкерсе де, аймақларда кадрлар жетиспей атыр. Илим, билимлендириў ҳәм өндирис интеграциясы жоқ, заманагөй билимлендириў усыллары енгизилмеген.

Аўыл хожалығы тараўында илимди раўажландырыўға бюджеттиң 0,1 проценти ғана бағдарланады. Ал раўажланған мәмлекетлерде болса бул көрсеткиш 2-3 процент әтирапында.

Академиклердиң илимий мектеплериниң саны 50 ден 17 ге шекем азайған, овощ жетистириў, ғәллешилик, өсимликтаныў тараўларында болса бундай мектеплер жоқ. Өсимликтаныў, овощ жетистириў, палыз егинлери ҳәм картошка жетистириў институтларының лабораториялық үскенелери кейинги 70 жылда оңланбаған. Илимий қолланбаларды коммерцияластырыў илажлары нәтийжесизлиги менен қалмақта.

Мәселен, басқа мәмлекетлер черешняның экспортын июнь айынан баслайды. Егер елимизде май айының басында өним беретуғын черешняның сорты жаратылса, оның экспортынан алынатуғын дәраматты 2 есеге арттырыў мүмкин.

Сол себепли аўыл хожалығы илимий-изертлеў институтлары ерте писер өнимниң түрлерин жаратыўға тийкарғы итибарды қаратыўы керек. Шарўашылық тармағында да илимниң жетискенликлерин кеңнен енгизиў, аймақлардың ықлым шараятына сай шарўа нәсиллерин жаратыў бойынша көрсетпелер берилди.

Президентимиз стратегияны халық пенен додалап, ақылға уғрас түрде қабыл етиў керек екенлигин атап өтти. Оның орынланыўын нәтийжели тәмийинлеў ушын ҳәр жылға өз алдына «жол карта»ларын ислеп шығыў, аймақлық аўыл хожалығы басқармаларының структурасын да жетилистириў бойынша тапсырмалар берилди.

Халықаралық тәжирийбе тийкарында Ташкент мәмлекетлик аграр университети және Ташкент ирригация аўыл хожалығын механизациялаў инженерлери институтында оқытыўдың пүткиллей жаңа методикасын енгизиў, профессор оқытыўшылардың қатнасыўында көшпели оқыў сабақлықларын және семинарларды шөклемлестириў зәрүрлиги атап өтилди.

Улыўмаластырып айтқанда, жаңа стратегия аўыл хожалығына базар механизмлерин енгизип, илимий тийкарланған өндиристи жолға қойыў арқалы азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў, экспортты көбейтиў, халықтың жан басына туўра келетуғын өнимлердиң көлемин бир неше есеге арттырыўға хызмет етеди.

Мәжилисте күн тәртибине қойылған мәелелердиң орынланыўын толық тәмийинлеў бойынша жуўапкер шөлкемлердиң басшылары мәлимлеме берди.

ӨзА