Усы жыл 7-сентябрь күни Жаслар орайында «Ең китапқумар Халық билимлендириў бөлими» жойбарының жеңимпазларын сыйлықлаў мәресими болды.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары А.Ҳамраев, «Beruniy Kitob Dunyosi» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң баслығы Ш.Ахунджанов, Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министриниң орынбасары И.Ахмедов ҳәм басқалар Президентимиздиң басламасы менен жаслардың руўхый дүньясын байытыў, оларды китап оқыўға қызықтырыў, руўхый-ағартыўшылық, көркем-эстетикалық талапларға жуўап беретуғын китапларды жоқары сапада басып шығарыў ҳәм оны орынларға жеткерип бериў бағдарында әмелге асырылып атырған илажларға тоқтап өтти.

Атап өтилгениндей, жас әўладтың руўхый-интеллектуаллық потенциалын, сана-сезимин ҳәм дүнья танымын кеңейтиўде, ана Ўатаны ҳәм халқына муҳаббат ҳәм садықлық сезими менен жасайтуғын бәркамал шахсты тәрбиялаўда китапқумарлық айрықша әҳмийетке ийе. Бунда Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 13-сентябрьдеги «Китап өнимлерин басып шығарыў ҳәм тарқатыў системасын раўажландырыў, китап оқыўды ҳәм китапқумарлық мәдениятын арттырыў және үгит-нәсиятлаў бойынша комплексли илажлар бағдарламасы ҳаққында»ғы қарары, сондай-ақ Президентимиз тәрепинен алға қойылған бес баслама әҳмийетли бағдарлама болып хызмет етпекте.

Усы қарар талапларын орынлаў, билимлендириў мәкемелериниң мәлимлеме-ресурс орайларын, китапханаларын әдебий-көркем, ағартыўшылық ҳәм илимий-көпшилик китаплар менен байытыў, солай етип, олардың материаллық-техникалық базасын беккемлеў бойынша «Beruniy Kitob Dunyosi» жуўапкершилиги шекленген жәмийети тәрепинен бир қатар ийгиликли жумыслар алып барылмақта.

Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў ҳәм Ишки ислер министрликлери менен биргеликте «Ең китапқумар мектеп» жойбарының быйылғы жылы өткерилген биринши басқышында республикамыз бойынша 706  улыўма билим бериў мектебинен жәми 295414 оқыўшы қатнасты. Олар тәрепинен 209210 дана китап сатып алынды. Нәтийжеде 202  мектеп жеңимпаз деп табылып, оларға 12500 дана китап бийпул саўға етилди. Сондай-ақ, үй шараятында билим алып атырған 1207 оқыўшының ҳал-жағдайынан хабар алынып, бийпул китап тарқатылды.

-Илаж даўамында мектеп оқыўшылары арасында китап оқыўға қызығыўшылар көп екенлиги мәлим болды,-дейди «Beruniy Kitob Dunyosi» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң баслығы Ш.Ахунджанов.-Жойбардың биринши басқышында китап ярмаркасы менен бир қатарда оқыўшылардың қайсы тилдеги ҳәм қандай мазмундағы китапларды көбирек оқығысы келетуғынлығын билиў ҳәм олардың талабын қанаатландырыў мақсетинде сораўнама өткерилди. Оқыўшылар тәрепинен көп соралған китапларды баспадан шығарыў ҳәм оларды зәрүрлигине қарай қарақалпақ тилине аўдарыў ислери қолға алынбақта.

Атап айтқанда, быйылғы жылы жойбар даўамында оқыўшылар тәрепинен көп соралған 25 атамадағы, келеси жылы 40 атамадағы китап қарақалпақ тилине аўдарылып, көп нусқада басып шығарылады.  Буннан тысқары, басқышпа-басқыш барлық районларда филиаллар ашыў, Мойнақ районындағы «Китап кәрўаны» жуўапкершилиги шекленген жәмийети базасында баспахана шөлкемлестириў, кәрхана, мәкеме ҳәм шөлкемлердиң «Руўхыйлық ханаларын» түрли мазмундағы китаплар менен тәмийинлеп барыў, хызметкерлер ҳәм олардың шаңарақ ағзалары арасында китап оқыўды кеңнен үгит-нәсиятлаў мақсетинде ярмаркаларды турақлы өткериў нәзерде тутылмақта.

Илажда «Ең китапқумар Халық билимлендириў бөлими» жойбарында жеңимпаз деп табылған Мойнақ ҳәм Тахтакөпир районлық Халық билимлендириў бөлимлериниң ҳәр бирине 5 миллион сумлық қарақалпақ, өзбек ҳәм рус тиллериндеги китаплар топламы саўға етилди. Сондай-ақ, ең көп китап оқыған, соның нәтийжесинде жоқары көрсеткиш пенен Президент мектебине кириў бахтына миясар болған Елликқала районынан жас китапқумар оқыўшы Садулла Ризаевқа саўға тапсырылды.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.