Президентимиздиң усы жыл 20-август күнги «Сырт елде ўақытша жумыс ислеп атырған Өзбекстан Республикасы пуқаралары ҳәм олардың шаңарақ ағзаларын қорғаў кепилликлерин және де күшейтиў илажлары ҳаққында»ғы пәрманы қабыл етилген еди. Бул пәрман усы бағдарда әмелге асырылып атырған илажларды тәртипке салыўда, сырт еллерге жумыс излеп шығатуғын пуқараларымыздың ҳуқықын қорғаўда оғада әҳмийетли ҳуқықый ҳүжжет болды.
Исбилерменлер ҳәрекети – Өзбекстан Либерал –демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси тәрепинен тийисли министрликлер ҳәм шөлкемлер менен биргеликте усы пәрманның мазмун-мәнисин, пәрманда белгилеп берилген тийкарғы ўазыйпаларды додалаўға бағышланған илаж болып өтти.
Онда тийисли министрликлер, шөлкемлердиң ўәкиллери ҳәм депутатлар қатнасты.
Илажды өткериўден мақсет – усы пәрманның мазмун-мәнисин, әҳмийетин кең жәмийетшиликке, әсиресе, электорат ўәкиллерине үгит-нәсиятлаў, пәрманда белгилеп берилген баслы ўазыйпаларды додалаў, бул бағдарда партияның алдында турған баслы ўазыйпаларды белгилеп алыўдан ибарат болды.
Пәрманда пуқаралардың ҳуқықларын қорғаў механизмлерин күшейтиў, мийнет миграциясынан қайтып келген шахслар, сондай-ақ, олардың шаңарақ ағзаларын социаллық қоллап-қуўатлаўға қаратылған анық ўазыйпалар белгиленген.
Қәнигелер усы ҳүжжеттиң тийкарғы мазмуны туўралы кең түрде түсиник берди. Онда сырт елде жумысқа жайласыўға байланыслы транспорт ҳәм басқа да хүжжетлерди қаплаў ҳәм зәрүр ҳүжжетлерди рәсмийлестириў ушын мийнет мигрантларына қаржылай жәрдем көрсетиў, олар ушын миграция ҳәм мийнет нызамшылығы бойынша қысқа мүддетли оқыўларды шөлкемлестириў, мүтәж мийнет мигрантларына ҳуқықый және социаллық жәрдем көрсетиў, сырт елде ислеп Ўатанымызға қайтып келген мийнет мигрантларына басқа мәселелерде жәрдемлесиў, олардың шаңарақ ағзаларының турақ жай шараятларын жақсылаўда жәрдем бериў сыяқлы турмыслық мәселелер қамтып алынған.
– Буннан тысқары сырт елде жумысқа жайласыўға байланыслы болған қәрежетлерди төлеў ушын 2 миллион сум муғдарында микроқарызлар бериў системасы енгизилмекте,-дейди ӨзЛиДеП Қарақалпақстан Республикалық Кеңесиниң Баспасөз хызмети хаткери А.Сырымбетова. – Соның менен бирге, ҳәр бир кепиллинген мийнет мигрантына жылына бир мәрте 50 мың сум муғдарында шет елде жумыс ислеўи даўамында турмысы ҳәм саламатлығы және басқа да тәўекелшиликлерди кепиллеў бойынша кепиллик пулы суммасын қаплаў ушын қамсызландырыў компанияларына субсидия усыныс етиў тәртиби ислеп шығылатуғын болды.
Сондай-ақ, турақ жай шәраятларын жақсылаўға зәрүрлиги болған мийнет мигрантларына 2020-жылда көп қабатлы жайлардан Өзбекстан Республикасы бойынша, жәми 3462, соннан Қарақалпақстан Республикасы ушын 210 жай ажыратылыўы нәзерде тутылған.
Ҳүжжетте ўақтынша мийнет етип атырған сырт елге кетиўге усыныс еткен пуқараларға онлайн режиминде жумысқа жайласыў тәртиби, олардың ҳуқықлары ҳәм миннетлери, сондай-ақ, нызамшылықта нәзерде тутылған қаржылай қоллап-куўатлаў илажлары ҳаққында мәлимлеме берип барылады.
Бир сөз бенен айтатуғын болсақ, пәрман мийнет мигрантларының нызамлы түрде жумысқа болған қызығыўшылығын арттырады. Сондай-ақ, мийнет мигрантлары ҳуқықларын қорғаўдың тийкарғы процесслерин турмысқа енгизиў механизмлерин ислеп шығыўға хызмет етеди.
Илаж даўамында мәмлекетимиз басшысының бул пәрманында нәзерде тутылғанындай, сырт елде жумыс ислеп атырған ҳәр бир Өзбекстан пуқарасы буннан былай итибарда, қорғаўда екенлиги атап өтилди. Елимиздиң ҳәр бир пуқарасы қай жерде, қандай шараятта мийнет етиўине қарамастан, олардың ҳуқықлары мәмлекетлик қорғаўда екенлиги сыяқлы бир қатар жеңилликлер ҳәм имканиятлардың мазмун-мәнисин халыққа, әсиресе, бүгин сырт елде жумыс ислеўди нийет етип жүрген жасларға жеткериў лазымлығы бойынша анық ўазыйпалар белгилеп алынды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.