Нөкис қалалық ҳәкимиятының рәсмий басылымы есапланған «Нөкис ҳақыйқаты» газетасының атамасы өзгерди.
Газета Өзбекстан Республикасы Президенти администрациясы жанындағы Мәлимлеме ҳәм ғалабалық коммуникациялар агентлигинен №01-096 гүўалығы тийкарында «Пайтахт» атамасы менен 2019-жыл 5-сентябрь күни ғалаба хабар қуралы сыпатында қайта дизимге алынды.
Газета айына 3 мәрте, қарақалпақ, өзбек ҳәм рус тиллеринде баспадан шығарылып, сиясий, мәдений ҳәм тарийхый тараўлар бойынша материаллар жәриялаўға қәнигелесиўи күтилмекте.
Газетаның шөлкемлестириўшилери Нөкис қалалық ҳәкимияты ҳәм редакцияның мийнет жәмәәти болып, ҳәзирги ўақытта журналист Қылышбай Әжибаев газетаға редакторлық етпекте.
Мағлыўмат ушын, пайтахтымыз Нөкис қаласының басылымы усы күнге шекем «Нөкис ҳақыйқаты» атамасы менен 1989-жыл 1-ноябрьден баслап жарық көрип келди.
Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлиги.