Усы жылдың 6-сентябрь күни Kar24.uz телеграм каналында Мойнақ районында жасайтуғын, өзиниң ким екенлигин толық атап көрсетпеген пуқараның районда өрт өшириў машиналарының жетиспейтуғынлығы ҳәм буның ақыбетинде мүлклерге зыян тийип, төрт пуқараның турақ жайына өрт тийип, жанып кеткени ҳаққындағы мүрәжаты жәрияланған еди.
Қарақалпақстан Республикасы Өрт қәўипсизлиги басқармасы мәлимлеме хызмети мүрәжатта келтирилген жағдайларға анықлық киргизди.
Бизге мәлим етиўинше, усы жылдың 29-август күни саат 11:47 де «101» номерине Мойнақ районы Жалимбетов көшеси бойында жайласқан 1985-жылы туўылған пуқара С.М.ға тийисли вагонда өрт жүз бергени ҳаққында хабар берилген. Өрт жүз берген орынға Мойнақ районлық өрт-қутқарыў бөлиминен 2 экипаж жетип барған. Өрт ақыбетинде 21 квадрат метрлик вагон ишиндеги қурылыс материалларынан қуралған мүлклер зыянланған. Сондай-ақ, вагонға қоңсылас жайласқан 1946-жылы туўылған пуқара Д.Х.ның Жалимбетов көшеси 51-жайының 6 квадрат метрлик бастырмасы өрттен зыянланған (мүрәжатта жазылғанындай төрт жай емес).
«101» номерине өрт ҳаққында кеш хабар берилген ҳәм вагон ишинде тез жанып кететуғын қурылыс материаллары (бояўлар) болғаны ушын өрт тез күшейип кеткен. Өрт-қутқарыў экипажы жетип барғанда вагон өртенип, қоңсылас жайға өтип атырған болған. Жағдайға дурыс баҳа берилип, өртти өшириўдиң шешиўши бағдары дурыс таңланып, өрттиң тарқалыўы сапластырылған ҳәм өрт қоршап алынып, өширилген. Нәтийжеде 1946-жылы туўылған пуқара Д.Х.ның 40 квадрат метрлик турақ жайының 34 квадрат метри ҳәм үйиниң ишинде болған барлық мүлклери өрт-қутқарыў хызметкерлери тәрепинен эвакуацияланып, өрттен сақлап қалынған.
Өрт қәўипсизлиги тараўындағы ҳүкиметлик қарарларда өрт өшириў депосы ҳәм өрт өшириў автомобильлери менен басқышпа-басқыш тәмийинлеў көрсетилген. Ҳәзирги ўақытқа шекем Қарақалпақстан Республикасы Өрт қәўипсизлиги хызметинде 5 заманагөй өрт өшириў депосы қурылды ҳәм 12 заманагөй автомобиль менен тәмийинленди. Усы нормативлик ҳүжжетлерге муўапық Мойнақ районында да жаңа өрт өшириў депосын қурыў ҳәм заманагөй өрт өшириў автомобильлери менен тәмийинлеў белгиленген. Ҳәзирги ўақытта районның өрт-қутқарыў бөлиминде 2 жаўынгерлик, 1 резервтеги өрт өшириў автомобили бар. Сондай-ақ, жақында қамыслықлардағы өртлерди өшириўге арналған өрт өшириў қайығы да есапқа қойылған.
Kar24.uz телеграм каналында жәрияланған пуқараның мүрәжатында «төрт пуқараның үйине өрт тийип, жанып кеткен» деп надурыс мағлыўмат келтирилген. Сол себепли, Өрт қәўипсизлиги басқармасы мүрәжатларға анықлық киргизип, кейин жәриялаўды, буның ушын биргеликте ислесиўге тайын екенлигин мәлим еткен.
Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлиги.