Усы жылдың 4-сентябрь күни намәлим пуқара Тахтакөпир районында жасайтуғын 41 жаслы Б.Я.ға тийисли болған 2 бас қарамалды «Белтаў» АПЖда жайласқан малханадан урлап урлап кеткен. Жағдай бойынша жынаят иси ашылған, деп хабар бермекте ӨзР ИИМ.
Көрилген шаралар нәтийжесинде бул жынаятты Қараөзек районында жасайтуғын 23 жаслы Н.А. әмелге асырғаны анықланып, усланған. Тергеў ҳәрекетлери даўам етпекте.
Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлиги.