Профессионал билимлендириў системасын буннан былай да жетилистириўге байланыслы қосымша илажлар ҳаққындағы Президент қабыл етилди, деп хабар берди «Ҳуқуқий ахборот» каналы.

Пәрманға муўапық, 2020-2021-оқыў жылынан баслап Өзбекстанда билимлендириўдиң халықаралық стандарт классификаторы дәрежелери менен үйлесимли жаңа баслаўыш, орта ҳәм орта арнаўлы билимлендириў мәкемелери шөлкемлестирилип, усы бағдарламалар тийкарында тийисли кадрлар таярлайтуғын билимлендириў мәкемелериниң дизими тастыйықланды.

Сондай-ақ, пәрманға муўапық улыўма 388 кәсип-өнер колледжи имараты тийисли дизим тийкарында мектеп сыпатында пайдаланылыўы белгиленди.

Баслаўыш, орта ҳәм орта арнаўлы профессионал билимлендириў системасында тийисли билимлендириў бағдарламалары енгизилген кәсип-өнер мектеплери, колледжлер ҳәм техникумлардан ибарат болған профессионал билимлендириў мәкемелериниң тармағы шөлкемлестириледи.

 

Бунда:

 

А) кәсип-өнер мектеплеринде:

– мектеплердиң 9-класс питкериўшилерине 2 жыллық күндизги билим бериледи;

– билим алып атырған оқыўшылар мәмлекетлик бюджет есабынан базалық есаплаў муғдарының бир есеси муғдарында айлық стипендия және үш мезгил аўқат пенен тәмийинленеди.

 

Б) колледжлерде:

– кеминде улыўма орта мағлыўматқа ийе болған адамларға кәсиплер ҳәм қәнигеликлердиң қурамалылығынан келип шыға отырып 2 жылға шекемги мүдетте күндизги, кешки ҳәм сыртқы билимлендириў түрлерине мәмлекетлик буйыртпасы және төлемли контракт тийкарында билим бериледи.

 

В) техникумларда:

– улыўма орта мағлыўматқа ийе болған адамларға кәсиплер ҳәм қәнигеликлердиң қурамалылығынан келип шыға отырып 2 жылдан кем болмаған мүддетте күндизги, кешки ҳәм сыртқы билимлендириў түрлерине мәмлекетлик буйыртпасы ҳәм төлемли контракт тийкарында билим бериледи;

– техникумларды питкерген оқыўшылар өз тараўына сәйкес бакалавриат билимлендириў бағдарлары бойынша кириў имтиханларысыз жеке тәртиптеги сәўбет арқалы жоқары оқыў орынларына 2-курстан оқыўын даўам еттириў ҳуқықына ийе болады.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.