Мойнақ районы аймағында браконьерлер Қарақалпақстан Республикасы экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў бойынша мәмлекетлик комитети инспекторларына ҳүжим етти. Бул ҳаққында «Дарё» хабар берди.
Инспекторларға қарай атылған оқлар олар минген автомобильдиң 10 жерине тийген. Адамлар аман қалған.
Атап өтилиўинше, нызамсыз аңшылар 4-5 адамнан ибарат болып, олар менен тоғай хожалығы хызметкери де бирге болған.
Аңшылардың кийик аңлаўға шыққаны айтылмақта.
– Кеше бизге қараөзекли нызамсыз аңшылар кийик аўлаўға шыққан, деген сигнал болған еди. Олар машинасында кийик болғаны ушын қолға түспеўге ҳәрекет етип қашқан ҳәм инспекторлардың автомашинасына қарай оқ атқан. Оқлар автомобильдиң радиаторы ҳәм капотына тийип, жүрмей қалған, – дейди атын айтпаған жуўапкер адамлардың бири.
Ҳәзирги ўақытта браконьерлер қолға түскен ҳәм Қараөзек районлық ИИБде сақланбақта.
Хабарда жазылыўынша, браконьерлер 20 бас кийикти атып өлтирген.
Ислам Матеков аўдармасы,
Қарақалпақстан хабар агентлиги.