Усы жыл декабрь айында елимиздиң сиясий турмысында әҳмийетли процесс – парламенттиң төменги буўыны ҳәм жергиликли кеңеслерге сайлаўлар болып өтеди. Оның өткен жыллардағыдан айырмашылығы ашық-айдынлық тәмийинленип, жаңа Сайлаў кодекси тийкарында алып барылыўы күтилмекте.

Нөкис қаласында O’zLiDeP Қарақалпақстан Республикалық Кеңесиниң «Сиясий билимлендириў орайы» тәрепинен усы мәселелерге бағышланып, «Сайлаўлар: ғалабалық стратегия ҳәм тактика» темасында семинар-тренинг өткерилди.

Онда партияның район (қала)лық кеңеслериниң хызметкерлери, жәмийетшилик тийкарында жумыс ислеп атырған баслық орынбасарлары, депутатлар қатнасты.

Еки күн даўам еткен семинар даўамында қәнигелер тәрепинен «Демократиялық жәмийетте сайлаўлар», «Өзбекстан Республикасының сайлаў нызамшылығы», «Халыкаралық структуралар ҳәм сырт мәмлекетлер ўәкиллериниң Өзбекстанда өткерилетуғын сайлаўлардағы қатнасыўы», «Сайлаў кампаниясы ҳәм тактикасы» сыяқлы бир қатар зәрүр ҳәм керекли болған мәселелерге бағышланған темаларда баянатлар жасалды.

– Семинар даўамында қәнигелер оның өтиў процесслери туўралы бизлерге кең түрде түсиник берди,-дейди O’zLiDeP Қоңырат районлық Кеңеси баслығының ҳаял-қызлар мәселелери бойынша орынбасары Злиха Сейдуллаева. – Сондай-ақ, семинарда Сайлаў кодекси, партияның идеялық мақсет ҳәм ўазыйпалары және бир мәрте түсиндирилип, сайлаў процесслерине таярлық көриў бойынша пикир-усыныслар билдирилди.

Семинарда қатнасыўшылар топарларға бөлинип, әмелий сабақлар өткерилди. Олар қәнигелерден өзлерин қызықтырған сораўларына жуўап алды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.