Мүнәсибет
Усы күнлерде халқымыз ең уллы, ең әзиз байрамымыз ғәрезсизлигимиздиң 28 жыллық салтанатларын ҳәр қашанғыдан да үлкен шадлық, көтериңкилик пенен белгилемекте. Мәмлекетимиз басшысының байрам мүнәсибети менен халқымызға жоллаған қутлықлаўында «Бүгин бир пикирди исеним менен атап өтиўди зәрүр, деп билемен: Өзбекстандағы демократиялық процесслер енди артқа қайтпайтуғын, турақлы түрге енди.
Бизлер, мине, усы жақты күнлер ушын гүресип, жанын пидә еткен ата-бабаларымыздың ҳүрмети, 33 миллионлық халқымыздың ҳүрмети, бизлерге үмит ҳәм исеним көзи менен нәзер салып турған балаларымыз, ақлықларымыздың ҳүрмети – ғәрезсизлик жолынан ҳеш қашан қайтпаймыз! Өз мақсетлеримизге әлбетте жетемиз – келешеги уллы Өзбекстанды бәршемиз биргеликте қурамыз!» деген сөзлери ўатансүйиўшилик, пидайылық, өз халқына садықлық руўхы менен беккемленген.
Бул сөзлер, әлбетте, бийтәкирар Өзбекстанымыздың дүньяға бахыт ҳәм абаданлық, тынышлық ҳәм парахатшылық есиклерин ашқанын пүткил дүнья жүзи көрип турыпты.
Мәмлекетимиз басшысының жақында ғана Қарақалпақстанға сапары ҳәм усы сапар етиўи даўамында қарақалпақ халқының ертеңги абадан күни ушын белгилеп берген көлемли ўазыйпалары, халқымызға билдирген жақсы сөзлери елимиздиң кексе-жасын жаңа арзыў мақсетлерге руўхландырмақта.
Ҳәр күнимизде бир жаңалық, жаңа имаратлардың иске қосылып атырғаны, социаллық тараўларға хызмет етип атырған имаратлардың ашылып атырғаны, ҳәр қыйлы хошхабарлардың ағымы тынбайды.
Ең үлкен қуўаныш болса Президентимиздиң 28-август күнги пәрманы менен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Ерниязов Муса Тажетдиновичқа «Өзбексан Қаҳарманы» атағы берилгенлиги болды. Бул уллы сыйлықта халқымыз Қарақалпақстан Республикасы басшысының мәмлекетимиздиң экономикалық потенциалын беккемлеў, оның жәҳән көлеминдеги абырай-мәртебесин арттырыў, Ўатанымыздың абатлығын, турмысымыздың абаданлығын тәмийинлеў бағдарындағы үлкен хызметлери, кейинги жылларда елимизде тез пәт пенен алып барылып атырған түпкиликли реформалар процесиндеги интакерлиги ҳәм пидайлығы, мәмлекет ҳәм халықтың мәплерин әмелге асырыў жолындағы пидәкерлик мийнети, өндирис және социаллық-руўхый тараўлардағы көп жыллық нәтийжели ҳәм ийгиликли жумысы, жас әўладты ўатансүйиўшилик, миллий және улыўмаинсаныйлық қәдириятларға ҳүрмет руўхында тәрбиялаўға қосқан үлкен үлеси ҳәм жәмийетлик турмысқа белсене қатнасқанын ҳәм мийнетлерин шын мәнисинде көрмекте.
Қуўанышлы әзиз байрамымыз алдынан Қарақалпақстанға таралған бул хош хабардан елин сүйген, оның абаданлығы, социаллық-экономикалық раўажланыўы ушын пидәкерлик пенен мийнет етип атырған ҳәр бир перзентиниң көксине «Алтын жулдыз» тағылғандай қуўанды. Бул қуўанышты Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёевтиң ғәрезсизлигимиздиң 28 жыллығы мүнәсибети менен бир топар қарақалпақстанлы мәмлекетлик хызметкерлер, өндирис, социаллық-экономикалық, илим, билимлендириў, мәденият ҳәм көркем өнер тараўының хызметкерлерин «Меҳнат шуҳрати», «Дўстлик», «II даражали Соғлом авлод учун» орденлери, «Шуҳрат», «Жасорат» медальлары менен сыйлықланғанлығы және де толықтырды.
Қарақалпақстанлылар елдиң раўажланыўы, оның социаллық-экономикалық тараўлардағы жетискенликлери, халықтың турмыс абаданлығы барған сайын артып атырғанлығы, жаңаланыўлар, кең көлемдеги дөретиўшилик жумыслардың нәтийжеси Мәмлекетимиз басшысының Қарақалпақ елине болған шексиз меҳри, үлкен итибары, анық және режели ўазыйпалары, барлық тараўларға жаңа инновациялық технологиялардың енгизилиўин тәмийинлеп атырғанлығы менен айқын көринип атырғанлығын жақсы аңлайды.
Соның менен бирге, Президентимиз белгилеп берип атырған бул тийкарғы ўазыйпаларды булжытпай әмелге асырыўда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Ерниязов Муса Тажетдиновичтиң үлкен шөлкемлестириўшилик басшылық етиў қәбилети, кадрлар менен ислесиўдеги айрықша таланты, адамлар арасында өзиниң кишипейиллиги менен ҳүрметке бөленгенлиги, ҳәр бир пуқараны дыққат және итибар менен тыңлай билетуғын имканияты, машқалаларды шешиўдеги тәжирийбелериниң үстинлигин де халқымыз жоқары қәдирлеп киятырғаны ҳақ гәп.
Егер биз, М.Т.Ерниязовтың турмыс жолына нәзер тасласақ, ол қайсы тараўда жумыс алып барыўына қарамастан – район басшысы ма, ҳүкиметтиң қурамындағы басшы ма, қурылыс тараўында жумыс жүргизиўи ме ҳәммесинде Қарақалпақстан елиниң ертеңги күниниң абат болыўын мақсет етип қойғанлығын көремиз. Ол өз мийнет жолындағы ҳәр бир ўазыйпа, анық дүзилген илаж ҳәм режелер нәтийжесинде қарақалпақ халқының әсирлик арзыў-умтылысларын әмелге асыўын қәледи. М.Т.Ерниязовқа Мәмлекетимиз басшысы «Өзбекстан Қаҳарманы» атағын берип, «Алтын Жулдыз» медалын тағып қояр екен әлбетте, бул сыйлық бүгин де, келешекте де Қарақалпақстанның абат турмысын тәмийинлеўде жарқын жол көрсетиўши жулдыз, үлкен қолланба болатуғынына шын кеўилден исенди.
Бүгин бул исеним ғәрезсизлигимиздиң 28 жыллығы белгиленип атырған салтанатлы күнлерде халқымыз тәрепинен де атап өтилмекте. Оларда Мойнақтың пүткиллей жаңа өмири ҳәм жаңа келбети, Бозатаў районының исенимли келешеги бар.
Ҳүрметли Президентимиз Қарақалпақстанды раўажландырыўда үлкен әҳмийетке ийе болған 5 тийкарғы ўазыйпаны белгилеп берди. Олар, инвестицияларды кеңнен тартқан ҳалда санаатты жедел раўажландырыў, тараўларда өндирис кәрханаларын шөлкемлестириў, исбилерменликке кеңнен жол ашыў, оларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, аўыл хожалығына заманагөй технологияларды енгизиў, өнимдарлықты арттырыў, өндирис кәрханаларын иске қосыў ҳәм халқымыз ушын заманагөй инфраструктураны жаратыў, Аралбойы халқының жасаў шараятларын жақсылаў ўазыйпалары болып есапланады. Сондай-ақ, билдирилген пикирлерде және усы жылдың алты айы даўамында қурылыс жумысларының көлеми 45 процентке, инвестициялардың көлеми 19,4 процентке, тутыныў товарларын ислеп шығарыў көлеми 8,4 процентке, аўыл хожалығы өнимлерин жетистириў көлеми 5,4 процентке, хызметлердиң көлеми 18 процентке өскени айқын көзге тасланады.
Ең баслысы, ғәрезсизликтиң 28 жыллығы салтанатларында Мәмлекетимиз Басшысының қолы менен көксине «Алтын Жулдыз» таққан Өзбекстан Қаҳарманы М.Т.Ерниязовтың қәбилетли қурылысшы сыпатындағы жумысы айрықша итибарға ылайық. Дурыс, бүгинги күнде Өзбекстанның барлық аймағы қурылыс майданына айланған. Елимиздиң жаңа келбетин және де көркем еткен бул дөретиўшилик жумыслар күни-түни даўам етпекте.
Бизлер мақтаныш пенен айтамыз, Қарақалпақстанның соңғы еки жыл ишинде усындай дәрежеде өзгерип жаңаланғанлығы, әлбетте, Өзбекстанға мийнети сиңген қурылысшы М.Т.Ерниязовтың избе-из басшылығы, тынып-тыншымаслығы, талапшаңлығы, қурылыслардың пәти ҳәм сапасын қадағалаўдан шетте қалдырмай әмелге асырып атырғанлығының нәтийжеси екенлигин оның менен бирге ислесип атырған барлық басшылар, халқымыз да жақсы биледи.
Ғәрезсизлик байрамының қуўанышлары ең жақсы, ең пәкизе қуўаныш болып есапланады. Өткен 28 жыл даўамында халқымыздың жети жастан жетпис жасқа шекемги болған инсанлар өзлигин аңлап, ата-бабаларымыздың қалдырған ҳәр бир ҳикметин өз турмысына үнлес тәризде Ўатан ушын, халық ушын жанын пидә етип жасаўды үйренди. Ҳүрметли Президентимиздиң ғәрезсизликтиң 28 жыллығына бағышланған салтанатлы мәресимдеги шығып сөйлеген сөзинде атап өткениндей, «Өз Ўатанын, ана халқын раўажландырыў ушын өзин аямай мийнет етиў: бул – мәртлик, бул – ана жерге муҳаббат ҳәм садықлық, бул – дурыс тәрбия ҳәм әмелий үлги болып есапланады.»
Гүлистан Аннақличева,
Қарақалпақстан халық шайыры.
Сенатор