Қарақалпақстанлы илимпазлар тәрепинен глауконит минерал шийки затын тәбийғый ҳалында белгили бир кондицияға келтирип, микроэлементли калий төгинин алыўдың илимий-теориялық технологиясы, сондай-ақ, Қарақалпақстанда шығатуғын фосфоритлерди минерал дузлар менен жанландырыў арқалы фосфорлы төгин алыўдың технологиясы ислеп шығылған еди. Бул елимизде аўыл хожалығын раўажландырыў бағдарындағы үлкен жаңалық болды.

Өзбекстан Илимлер Академиясы Қарақалпақстан бөлими жанынан бул ушын арнаўлы цех иске түсирилди. Усындай төгин ислеп шығарыўшы кәрхана Елликқала районында да иске түсти. Оның қуўатлылығы суткасына 8-10 тоннаны қурайды.

Филиалдың Тәбият илимлери илим-изертлеў институтының Минерал төгинлер химиясы топары бул жумыслардың интакерлери ҳәм белсендилери болды.

Өткерилген тәжирийбелер нәтийжесинде усы төгинлер пайдаланылғанында зүрәәтлиликтиң кескин артатуғынлығы, топырақтың структурасы жақсыланып, экологиялық жағдайы турақласатуғынлығы толығы менен дәлилленди.

– Ҳәзирги минерал төгинлер (N1СәK) фосфорит уны менен белгили бир қатнаста (1:0, 9-1) араластырылып берилсе, зүрәәтлилик артады, алынған төгин экономикалық жақтан арзан, алыныў технологиясы қолайлы, экологиялық жақтан таза,-дейди Бөлимниң Қарақалпақ тәбият илимлери илим-изертлеў институтының Минерал төгинлер химиясы топарының баслығы, Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген илим ғайраткери, техника илимлериниң кандидаты Сали Бауатдинов. – Өсимликтиң өсип раўажланыўы ушын пайдалы калий ҳәм басқа микроэлементлерге бай.

Илимий жуўмақларға қарағанда жергиликли шийки затлардан: фосфорит, глауконит, бентонит дәрис тийкарында таярланған фосфорлы-азотлы-калийли ҳәм де органикалық төгинлерди аўыл хожалығы егинлерине жетерли дәрежеде бериў үлкен әҳмийетке ийе екенлиги илимий ҳәм өндирислик усылда дәлилленди.

Глауконит минералы бизиң шараятта «глауконит қумы» түринде ушырасады. «Глауконит қумы» ямаса фосфорлы кәнлер Хожакөл, Нөкис қаласының әтирапы, Бес төбе, Назархан, Қырантаў, Шоқайтоғай, Султан Ўайс ҳ.т.б орынларда көплеп ушырасады. Солардан «қум» запасларының ең мол жери, химиялық жақтан пайдалысы «Қырантаў» кәни болып есапланады.

Бизиң көп жыллық илимий тәжирийбелеримиздиң жуўмағы бойынша «глауконит қумы» аўыл хожалығы егинлерине калий төгини ретинде төмендегише мүддетлерде ҳәм көрсетилген муғдарда берилиўи керек:

  1. Пахта өсимликлерине – (калий төгини ретинде ҳәр гектарына 600-800 килограмм «глауконит қумы» берилиўи керек). Егистен алдын азот төгининиң жыллық нормасының 40%и, фосфор төгининиң жыллық нормасының 50%и, глауконит қумының жыллық нормасының 50%и берилиўи керек.

Пахтаның биринши азықландырыў ўақтында гектарына 50 килограмм фосфор, 100 килограмм азот, яғный 3-4 ҳақыйқый жапырақ шығарғаннан кейин бериледи. Екинши азықландырыў бул, пахтаның жалпыламай ғореклеў дәўирине туўра келеди. Бул ўақытта гектарына 50 килограмм азот ҳәм глауконит қумының қалған 350-400 килограммнан калий төгини ретинде берилиўи керек.

Глауконит минералын, әсиресе, пахта өсимлигине калий микроэлементли төгини ретинде қолланылғанында, төмендеги өзгешеликлерди есапқа алған мақул болады.

Көпшилик жағдайда глауконит минералының қурамындағы калий ҳәм басқа да микроэлементлер тәбийғый бирикпе сыпатында ушырасады. Сонлықтан, өсимликке әсте-ақырын тәсир етеди. Соның ушын егис алдынан фосфор төгини менен бирликте оның жыллық муғдарының 100 %ти берилгени дурыс болады.

Яғный, олар төмендегише муғдарда берилиўи керек:

Егер суперфосфат ретинде берилсе – 450 килограммнан глауконит ҳәм 450 килограммнан суперфосфат, ал егер аммофос төгини ретинде берилсе –  150 килограмм глауконит ҳәм 150 килограмм аммофос бериледи, деген сөз. Егерде жерге усы муғдарда төгин берилсе, фосфор төгининен оның жыллық муғдарының 50 %тин үнемлеўге болады.

Бизиң илимий жақтан дәлиллеўимиз бойынша глауконит қурамындағы ҳәр қыйлы химиялық бирикпелерди өсимликтиң өзлестириўине ийкемлестире алатуғын, топырақтың қурамындағы өсимлик ала алмайтуғын фосфор элементин өсимлик пайдалана алатуғын фосфорға айландырып береди. Яғный, топырақтың қурамын жақсылайды.

Өсимлик атызға берилген фосфор төгининиң 70%н биринши жылы өзине өзлестире алады. Егер, «глауконит қумы» фосфор төгини менен қосып берилсе, онда өсимлик тәрепинен фосфор төгинин сол жылдың өзинде-ақ толық өзлетирип алатуғынлығы дәлилленди.

  1. Салы өсимлигине глауконитти микроэлементли калий төгин ретинде төмендеги көрсетилген мүддет ҳәм муғдарда пайдаланған дурыс болады:

Тийкарында салыны фосфор төгини менен азықландырғанда гектарына 800-1000 килограммға шекем суперфосфат (фосфор) төгини бериледи.

Усы суперфосфаттың 50 %ти орнына глауконит минералы берилсе, ямаса, 450-500 килограмм «глауконит қумы» араластырылып егис алдынан берилсе, сөзсиз жоқары зүрәәт алынатуғынлығын илимий-изертлеўлер көрсетти.

Аммофос төгини гектарына 250-300 килограммнан берилиўи керек. Берилетуғын аммофос төгининиң 50 %ти орнына глауконит берилсе, яғный,  125-150 килограмм аммофос пенен араластырылып берилсе, зүрәәтлиликтиң өсиўине алып келеди.

Егер де хожалықта суперфосфат ҳәм аммофос төгинлери болмаған жағдайда, егис алдынан ҳәр гектарына 600-800 килограммнан глауконит минерал төгини бериледи.

Көп жыллық илимий тәжирийбелеримиз – глауконитти минерал төгин ретинде пайдаланыў аўыл хожалығы егинлериниң айырым кеселликлерге ушырамайтуғынлығын, шыдамлылығы артатуғынын көрсетпекте.

Өсимликтиң толық өсип раўажланыўы, жоқары өним бериўи ушын топырақта азот, фосфор, калий элементлери, марганец, мыс, кобальт, темир, бор, магний микроэлементлери ҳәм басқа да химиялық элементлер жетерли дәрежеде болыўы керек. Ал, глауконитли аммофос жоқарыдағы элементлерге бай минерал төгин болып есапланады. Бул төгин өзиниң химиялық ҳәм физика-химиялық қәсийети, қурамы бойынша пайдаланып жүрген аммофос ҳәм басқа да фосфорлы төгинлерден түп-тийкарынан ажыралып турады. Буның қурамында фосфордың муғдары – 20-21 %, азот 4-5 %, калий 1-2 %, марганец, мыс, бор ҳ.т.б. микроэлементлер 06-09 % муғдарында болады.

Глауконитли аммофос сорыўшылық ҳәм ион алмасыўшылық қәсийетине ийе болыўына байланыслы топырақ қурамындағы дузлар, атап айтқанда, өсимлик ушын зыянлы болған хлор сульфаты ҳәм карбонат ионлары менен орын алмасып, бул дузлардың муғдарын азайтады.

Глауконитти органикалық төгинлерге қосып пайдаланыўға да болады. Себеби, органикалық төгинлердиң қурамында жүдә қурамалы химиялық элементлер көплеп ушырасады. Солардан азот, фосфор, калий ҳ.т.б. атап өтсек болады.

Мәселен, қара малдың 1 тонна ызғар дәрисинде 2,3 килограмм фосфор, 6 килограммға шамалас азот ҳәм 5 килограмм калий элементлери болады.

Өсимлик ушын оғада керекли болған бул химиялық элементлер «таза» ығал дәристе көбирек ушырасады. Дәристиң кебиўи менен оның қурамындағы азоттың муғдары азайып кетеди.

Егер намбарға 20 тоннаға 1 тонна есабында глауконит минералы қосылса, глаукониттиң қурамындағы химиялық элементлер дәриске араласып, нәтийжеде, органикалық-минерал төгинин таярлаўға болады. Таярланған намбардағы органикалық-минерал төгинди гектарына 20 тоннадан дәрис берилсе, қурамында 60-70 килограмм фосфор, 100 килограмм азот, 150 килограмм калий ҳәм басқа да микроэлементлер болады.

Атыз басларына глауконитти алып барғаннан соң оған фосфорлы төгинлерди (аммофос, нитрааммофос, суперфосфат ҳ.т.б.) бирге-бир (1:1) салмақ қатнасы бойынша араластырылып қойылғаны дурыс болады.

Бизиң илимий тәжирийбелеримиз бойынша фосфор төгинлери 3,5-4 % муғдарында тең кислоталық (РН) қәсийетке ийе. Усындай минерал төгинлерди пайдаланыў жердиң шорланыў (кебир ашыў) дәрежесин арттырады, деген пикир пайда етеди.

Егер фосфор төгинлери менен бирге глауконит минералы қосылса, фосфор төгинлериниң кислоталық қәсийети азаяды. Соның менен бирге төгинниң физика-химиялық қәсийети жақсыланады.

Улыўма айтқанда, фосфор төгинлери қатып қалмайды. Яғный, өзиниң стандарт ҳалатын сақлап қалыўға мүмкиншилик болады.

Енди әпиўайы арифметика менен азырақ экономикалық таллаў жасап көрейик.

Бурынлары салыға бир гектарға 1000 килограмм суперфосфат берилип, гектарына 15-20 центнер зүрәәт алынса, енди орнына 250 килограмм/га глауконитли аммофос берилсе, зүрәәтлилик 3-5 центнер/га артық алынып, орташа зүрәәтлилик гектарына 20-25 центнерди қурап, төгин муғдары 4 есеге аз берилип, алынатуғын нақ пайда 1,5-2 есеге артады.

Бул анализлер глауконитли калий төгининиң аўыл хожалығы ушын қанша дәрежеде пайдалы екенлигин көрсетип турыпты.

Биз ислеп шығарып атырған глаукониттен алынатуғын минерал төгинлер, бириншиден, экологиялық жағдайдың жақсыланыўына алып келеди. Атызларға берилип атырған қымбат баҳалы фосфор төгинин бериўди 40-50 процентке, азот төгинин 20-30 процентке, калий төгинин 70-80 процентке азайтып, қаржыны үнемлеў бойынша үлкен жәрдемин тийгизеди.

Екиншиден, өсимликтиң вегетация дәўиринде топырақтың ызғарлығын үш ай даўамында 70-75 процентке услап турады, топырақтың қурамын жақсылайды. Глауконит тәбийғый төгин – топырақты калий менен байытады және оның қурамын жақсылайды. Өсимликтиң өсиўшеңлигин арттырады, ҳәр қыйлы кеселликтен сақлайды. Химиялық зәҳәрли элементлерди өзине сорып алып, топырақты тазалайды. Жердеги гумустың муғдарын арттырады.

Кейинги жылларда Арал теңизи ултанынан көп муғдардағы дузлар самал менен елимиздиң көплеген регионларына кеңнен тарқалмақта. Топырақтың шорланыўы минерал төгинниң пайдалы коэффицентин азайтпақта. Пахтаның зүрәәтлилиги аз шорланған жерлерде 10-15 процентке, орташа шорланған жерлерде 50 процентке, күшли шорланған жерлерде 75 процентке шекем азаяды.

Оның үстине бул төгин жерди кебирлендирмейди. Топырақтың ығаллылығын сақлайды. Усы төгин қолланылған атызларда пахта шигити санының көбирек екенлиги ҳәм ғореклердиң басқа атызларға салыстырғанда ирирек және салмақлырақ екенлиги дәлилленди. Туқымының майлы, пақалының узын ҳәм беккем екенлиги анықланды. Сондай-ақ, өсимликтиң вегетациялық дәўирин 3-5 күнге қысқаратуғынлығы дәлилленди.

Бул төгинлер палыз егинлерине пайдаланылғанда, олардың мийўелери сапалы ҳәм мазалы болатуғынлығы анықланды. Мәселен, геширдиң раўажланыўы, өнимдарлығы, артықмашлығы ҳәм урада сақлағанда бәҳәр айларына шекем ширимегенлиги өткерилген тәжирийбелерде белгили болды.

Атап өткенимиздей, Арал теңизиниң қурып кетиўине байланыслы, теңиз ултанынан көтерилип атырған дузлы шаңлардың атызларға келип түсиўи топырақтың кебирлениў процесин күшейтип атыр. Әлбетте, минерал төгинлерди ҳәдден тысқары пайдаланыў топырақтың кебирлениўине алып келеди. Буның алдын алыў ушын жергиликли минераллардан ҳәм мал дәрисинен көп пайдаланыўымыз керек. Топырақ химиялық азықлық компонентлер менен көп тойынса, кебирлениў процеси азаяды.

Аўыл хожалығы егинлерине жерди дузсызландыратуғын мелиорантлы-минерал төгинлерди пайдаланыў ҳәзирги күнниң актуал мәселелеринен есапланады. Глауконит минералы мелиорантлық, адсорбентлик, катион-алмастырыўшы усаған қурамалы қәсийетлерге ийе таў жынысы болады. Бизиң тәжирийбемизде 10 тонна мал дәрисине бир тонна глауконит минералын араластырып, намбар тәризиндеги жергиликли минерал төгини атызға берилсе, 110 кг таза фосфор, 93-95 кг таза калий, 60-80 кг таза азот пайда болады. Микроэлементлерден күкирт, магний, темир, бор, ванадий, кобальт, марганец, молибден ҳәм тағы басқа элементлер 1,5-2,5 кг муғдарында пайда болады.

Нәтийжеде, ғаўаша өсимлигин таза фосфор төгининиң жыллық нормасының 75-80%, азот төгининиң 55-65%, макро-микроэлементлердиң жыллық нормасын толығы менен тәмийинлейди.

Қымбат баҳалы фосфор төгини, калий-азот минерал төгинлерин үнемлеўге жәрдем береди. Топырақтың азықлық компонентлер менен байыўы жерди кебирлендирмейди.

Және бир мәселе, жергиликли төгинлер өсимликлерди азықлық затлар менен тәмийинлеўши тийкарғы дерек болып есапланады. Республикамыз жағдайында жергиликли төгинлердиң ишинде ең әҳмийетлиси маллардың қый-дәриси болып есапланады. Әсирлер даўамында ата-бабаларымыз дийқаншылықта оннан бийкарға пайдаланбаған. Себеби, қыйдың қурамында барлық азықлық затлар – (азот, фосфор, калий ҳәм микроэлементлер) бар. Бул азықлық затлардың муғдары маллардың от-жемлериниң түрине ҳәм сапасына байланыслы болады.

Мәселен, бир тонна қойдың қыйында 8,3 кг азот, 2,3 кг фосфор, 6,7 кг калий, жылқының дәрисинде 5,8 кг азот, 2,8 кг фосфор, 5,3 кг калий, қара малдың дәрисинде 3,4 кг азот, 1,6 кг фосфор, 4,0 кг калий болады. Бир тонна маллардың дәриси қурамында 300 кг ға шекем ҳәр қыйлы органикалық ширинди затлар анықланды.

Ширимеген дәрис ҳәм қыйларды атызларға шығарыўға болмайды. Себеби, оның қурамында азықлық затлардың ҳәм органикалық бирикпелердиң муғдары еле жеткиликсиз. Қый-дәристи қыс айларында атызларға майда үйиншик-үйиншик етип төгип қойып, сақлағанда аммиаклы азоттың дерлик ҳәммеси ушып кетеди. Ондағы басқа азықлық затлардың силтиси жаўын ҳәм қар менен жуўылып кетеди. Оннан басқа, майда үйиншиклерде тоңлап қалған дәрис ширимейди. Сонлықтан, дәрислерди намбар түринде сақлаған пайдалы болады. Намбарларды атызларға жолдың бойларында таярлаў мақсетке муўапық болады.

Ҳәр намбарға 60-70 тонна қый-дәрис жайластырылғаны мақул. Намбардың узынлығы 8-10 м, ултанындағы ени 3,5-4 м, жоқарысының ени 3-3,5 м, бийиклиги 2 м болыўы керек. Намбарда дәрислер ҳәр ярым метрден қатлам-қатлам етип тығызланады. Дәристиң үстки қатламы 10-15 см қалыңлықта топырақ пенен көмиледи. Намбар таярлаў барысында дәриске суперфосфат араластырылса жақсы нәтийже береди. Оның ушын бир тонна дәриске 20-40 кг суперфосфат араластырыўды усыныс етемиз. Намбар усылында дәрис таярлағанда азот ҳәм органикалық затлардың узақ сақланыўы тәмийинленеди. Буның менен дәристиң төгинлик күши артады.

Егер фермер хожалықларында қый-дәрис аз муғдарда болса, малларға пайдаланылған сабан, майдаланған қамыс унтағынан, ғөрек тазалаў машинасынан шыққан қалдықлардан, қуслардың дәрисинен ҳәм басқа жергиликли төгинлерден пайдаланып намбар таярлаўды усыныс етемиз. Сондай-ақ, ески жайлардың пақсалары, жаптың ултанындағы ылайлы уймалар, жаптың ырашларының органикалық төгинлик қәсийети күшли болады.

Намбарлардағы дәристи алған ўақытта үстинен төмен қарай вертикал тәризде қазып алып, арнаўлы механизмлер жәрдеминде атызға бир тегис етип шашқан мақул болады.. Қый-дәрис шашылған атызлар сүрилиўи тийис. Олай болмаса дәристиң қурамындағы аммиаклы азот ушып кетип өз күшин жоғалтады. Нәтийжеде, төгинниң пайдалылық қәсийети кемейеди.

Сүрилген атызлардың бетине шашылған қый-дәристи тырма менен топыраққа сайыз етип араластырғанда оның қурамындағы углерод ҳәм азот атмосфераға ушып кетеди. Таярланған төгин гүзде ямаса бәҳәрде жер сүриў алдынан төгилгени пайдалы нәтийже береди. Егер дәрис қандай да себеплер менен шайып суўғарыўдан бурын жерге берилмей қалса, онда бәҳәрги егис алдынан берилиўи шәрт. Жергиликли төгинлерди өсимликтиң вегетациялық дәўириндеги азықландырыў ўақтында минерал төгинлерге араластырып берген утымлы болады. Жергиликли төгинлер өсимликти суўғарыў ўақтында шербет усылында бериледи. Жергиликли төгинлерди қолланыў нормасы ғаўаша атызлары ушын 20 т/га дан аз болмаўы керек.

Төгинлер бир себеп пенен гүзги шүдигарлаў алдынан берилмей қалса, онда егис алдынан 20 т/га дәрис, 100 кг/га азот, 100 кг/га фосфор берилгенде ғаўаша зүрәәти 4,4 ц/га артады.

Бизиң жағдайымызда барлық фермер хожалықларына ҳәр жылы жергиликли төгинлерди жеткерип бериў қыйын. Сонлықтан, жергиликли төгинлерди ретлестирип төгиў системасына өтиўди усыныс етемиз.

Биринши жылы егислик жерлердиң 34 %не, екинши ҳәм үшинши жыллары қалған 33 %не жергиликли төгин берип, 3 жылда қайталанып барылса, жақсы нәтийже береди. Жергиликли төгинлерди биринши гезекте мелиоративлик жағдайы төмен, механикалық қурамы аўыр, кебирленген ҳәм көп жыл даўамында егилип киятырған жерлерге бериўди усыныс етемиз.

«Арал қум» себепли астраханит, микробилит, галит ҳәм тенордит усаған дузлардың топырақтың қурамында топланыўы себепли егислик жерлер дийқаншалыққа жарамсыз болып атыр. Буның алдын алыў ушын топырақтың қурамын мелиорантлық қәсийетке ийе жергиликли минерал төгинлер менен байытып барыў керек.

Бизлер тәжирийбемизде глауконит төгинин бериў арқалы топырақтағы ашшы дузлардың 1,2-1,6 есе азайғанының гүўасы болдық. Бир тонна глауконит пенен 10 тонна малдың дәрисин араластырылған төгинде таза ҳалындағы 110 кг фосфор, 93-95 кг калий, 50-80 кг азот пайда болатуғынлығы көрсетилди. Сондай-ақ, микроэлементлерден рух, темир, тор, ванадий, магний, кобальт, мыс ҳәм тағы басқа химиялық микроэлементлердиң 1,5-2 кг муғдары жерге сиңетуғынлығы илимий жақтан дәлилленди.

«Арал қумы» себепли дузлы шаңлардың ушып келиў аралығы 200-400 км, ени 30-40 км ди қурайды. Бул қубылыслар жылына 6-9 рет қайталанып туратуғынлығы анықланған. Шаң менен келген дузлардың жыллық муғдары 75 миллион тоннаға жетеди. Мағлыўматларда келтириўинше, егислик жерлерге бүгинги күнге шекем бир миллиард тоннадан көбирек дуз келип түскен. Олар натрий сульфаты, натрий хлоры, натрий корбанаты, магний сульфаты, магний хлоры ҳәм басқа қурамалы дузлардың пайда болыў итималлығы бар. Оның ақыбетлерин сапластырыў ушын тийисли илажлар әмелге асырылмақта.

Дузлар топланған жерлерди «күшли шорланған топырақ» деп атаймыз. Олардың кислоталық қәсийетлери басым келеди.

Ҳәзирги ўақытта республикамыздың арқа зоналарында (Шымбай, Тахтакөпир, Қоңырат районлары) топырақтың нормадан тысқары кебирленип атырғанлығы буған мысал болады.

Оның ақыбетлерин сапластырыў ушын егислик жерлерди алмаслап егиў, гүзде сүриў, органикалық төгинлерди көбирек, ал минерал төгинлерди кемирек, органикалық төгинлерди араластырып пайдаланыў усылларын қолланыў шорланыўдан сақлайтуғынлығын еслетип өтемиз.

Собықлы өсимликлерди, жоңышқаны, ғаўашаны алмаслап егиў топырақтың қурамын жақсылайды. Топырақта азот элементи тәбийғый формада топланады. Бул тәбийғый топланған химиялық элементлер топырақ түйиртпеклериниң көлемин үлкейтиўге тәсир жасайды. Топырақ суў менен тез жуўылып, суўды үнемлеўге жәрдемлеседи.

Жерди сүриў арқалы атызлар гумуске байыйды. Топырақта микроорганизмлердиң байланысы кислород пенен күшейеди. Топырақ өзиниң қурамындағы күшли ығаллылықты жоғалтып, қурғақ топыраққа айлана баслайды. Ығаллы топыраққа қарағанда қурғақ топыраққа дуздың келип шөгиўи аз болады. Пайда болған гумус дузлардың топланыўына иритки салады ҳәм топырақты зыянсызландырып турады.

Органикалық төгин түрли химиялық элементлерден ибарат болып ашшы дузлардың өсимликке зыянын азайтады. Усы мақсетте топыраққа 20-30 т/га органикалық төгин бериў мақсетке муўапық болады.

Топырақ қурамындағы көплеген микроорганизмлер оның химиялық қәсийетин ҳәм қурамын жақсылайды. Бизиң жағдайымызда жердиң шорын азайтыўдың және бир жолы өсимлик қалдықларын, пақалды, сабанды майдалап жерге шашып сүрилсе, шорланыўға жақсы тәсирин тийгизеди. Олардың шириўи нәтийжесинде, топырақта аммиак элементи пайда болады. Ол өсимлик ушын дуздың күшли зыянын жоқ етиўге ямаса оның муғдарын азайтыўға өз тәсирин тийгизеди. Соның менен қатар дуздың кислоталық ҳәм силтилик қәсийетлерин азайтады.

 

Жазып алған: Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

(Сүўретлерде; С. Бауатдинов кәсиплеслери менен жумыс пайытында).