Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққындағы нызамға 2019-жылдың 5-сентябрь сәнесинде Президент тәрепинен қол қойылды. Бул ҳаққында «Ҳуқуқий ахборот» каналы хабар берди, деп жазады gazeta.uz сайты.
Нызам менен 10 нан аслам нызамларға өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилди.
«Улыўма әскерий миннетлеме ҳәм әскерий хызмет ҳаққында»ғы Нызамға киргизилген өзгерислерге муўапық, буннан былай Мүддетли әскерий хызметтиң мүддети календарь есабында он еки ай етип белгиленди (ҳәзирги күнге шекем қатардағы әскерлер ҳәм сержантлар қурамы лаўазымындағы хызметкерлер ушын – он еки ай (жоқары мағлыўматлы шахслар ушын – тоғыз ай); шақырыў бойынша офицерлер қурамы лаўазымларында өтеп атырған офицерлер ушын – тоғыз ай).
Сондай-ақ, буннан былай пуқараларды шақырыў участкаларында дизимге алыў олардың улыўма билим бериў мектебиндеги ямаса орта арнаўлы билимлендириўдеги соңғы оқыў жылының апрель – май айларында әмелге асырылады (ҳәзирги күнге шекем олар он алты жасқа толған жылы апрель-июнь айларында әмелге асырылып келинген).
Бул нызам рәсмий түрде жәрияланған күннен баслап күшке киреди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги