Президент Шавкат Мирзиёев 5-сентябрь күни экономика тармақларын ҳәм социаллық тараў объектлерин гүзги-қысқы дәўирде турақлы ислеўге комплексли таярлаў бойынша мәжилис өткерди.
Быйыл 30-июльде мәмлекетимиз басшысының усы илажларға байланыслы қарары қабыл етилген еди. Оған муўапық, Бас министрдиң басшылығында Республикалық комиссия дүзилип, барлық жуўапкер уйымлардың бул бағдардағы ўазыйпалары белгиленди. Турақ жайлар, социаллық мәкемелер ҳәм кәрханаларды ыссылық энергиясы менен үзликсиз тәмийинлеў, қазанхана ҳәм тармақларды оңлаўға қаратылған жумыслар избе-из әмелге асырылмақта.
Мәжилисте жанылғы-энергетика комплексиндеги кәрханалардың жумысы талланып, гезектеги әҳмийетли илажлар белгилеп берилди.
Гүзги-қысқы мәўсимде халықтың ҳәм экономикалық тармақлардың талапларын қаплаў және экспортты тәмийинлеў, оның ушын тәбийғый газ қазып алыўды көбейтиў бағдарламасын нәтийжели орынлаў зәрүр екенлиги атап өтилди. Министрлер Кабинети ҳәм Энергетика министрлигине тутыныўшылардың талапларын қанаатландырыў имканиятларын толық мобилизациялаў бойынша тапсырма берилди.
«Өзтрансгаз», «Аймақгазтәмийнат» акционерлик жәмийетлерине усы жылдың 1-ноябрине шекем 93 километрлик газ тармағы ҳәм 172 газ бөлистириў пунктин реконструкциялаў және капитал оңлаў, жер асты қоймаханаларында газ резервин топлаў ўазыйпасы қойылды. «Муборакнефтьгаз» ҳәм «Газлинефтьгазқазыпшығарыў» кәрханаларында жаңа компрессор станцияларын иске қосыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.
Гүзги-қысқы мәўсимде халықтың тутыныўы ушын 245 тонна суйылттырылған газ жеткерип бериў нәзерде тутылған. Мәжилисте мәмлекетимиз басшысы ҳәр бир аймақтың кесиминде халықтың талабын терең үйренип, зәрүрлик болса, қосымша суйылттырылған газди жеткерип бериў керек екенлиги атап өтилди.
Муборак газди қайта ислеў заводы, «Газлинефтьгаздиқазыпшығарыў» ҳәм «Шортаннефтьгаз» кәрханаларында пропан-бутан араласпасын алыў үскенелерин иске қосыў және барларын модернизациялаў бойынша көрсетпелер берилди.
Сондай-ақ, быйылғы мәўсимде электр энергиясына болған талап өткен жылға салыстырғанда 11,5 процентке артатуғыны күтилмекте. Сол себепли Энергетика министрлигине октябрь айында ыссылық электр станцияларында 7 энергоблок, 7 қазан агрегаты, бир газ трубинасы ҳәм бир пуў-газ қурылмасын капитал оңлаў бойынша тапсырмалар берилди.
Усы жылдың ақырына шекем Наўайы ыссылық электр станциясында қуўатлылығы 450 МВт болған екинши пуў-газ қурылмасын пайдаланыўға тапсырыў, Тўрақўрғон ыссылық электр станциясында 450 МВт болған биринши пуў-газ қурылмасын толық жойбар қуўатлылығына алып шығыў және екинши пуў-газ қурылмасын иске қосыў зәрүр екенлиги атап өтилди. Декабрь айына шекем 3,5 мың километр электр тармағын және 1 мың 171 трансформатор пунктин реконструкциялаў ҳәм модернизациялаў илажлары белгиленди.
Энергетика ҳәм Қаржы министрликлери, «Өзбекстан темир жоллары» акционерлик жәмийетине гүзги-қысқы мәўсимде халықтың көмирге болған талабын толық қанаатландырыў бойынша тапсырмалар берилди. Тасыўда жеңилликлерди қолланған ҳалда, халыққа жеткерип бериў баҳаларының жоқары болмаўына айрықша итибар қаратыў зәрүр екенлиги атап өтилди.
Ыссылық тәмийнаты ҳәм ишимлик суўы тармақларын гүзги-қысқы мәўсимге таярлаў жағдайы да додаланып, бул бағдарда немқурайдылыққа жол қойылып атырғаны ушын Турақ жай коммунал хызмет көрсетиў министрлиги ҳәм жергиликли ҳәкимликлер басшыларының жумысы қатты сынға алынды. Оларға ыссылық ҳәм ишимлик суўы тәмийнаты системаларын және көп қабатлы турақ жайларды оңлаў жумысларын жеделлестирип, қысқа мүддетлерде жуўмақлаў ўазыйпалары тапсырылды.
ӨзА