Усы жылдың 4-сентябрь күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң ХХVII сессиясы болып өтти. Сессияда Қарақалпақстан Республикасының Бозатаў районын шөлкемлестириў ҳаққында Жоқарғы Кеңестиң арнаўлы қарары қабыл етилди. Төменде қарар тексти менен толық танысыўыңыз мүмкин.
Қарақалпақстан Республикасы Бозатаў районын шөлкемлестириў ҳаққында
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң
Қ А Р А Р Ы
Қарақалпақстан Республикасы Кегейли районының «Бозатаў» посёлкалық пуқаралар жыйыны, «Еркиндәрья», «Қусқанатаў», «Аспантай» аўыл пуқаралар жыйынлары ҳәм Шымбай районы «Көк суў» аўыл пуқаралар жыйынының мүрәжатлары, халық депутатлары Кегейли ҳәмде Шымбай районлық Кеңеслериниң қарарлары, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң тийисли пуқаралар жыйынлары аймақларын бирлестирип Бозатаў районын дүзиў ҳаққында берилген усынысын инабатқа алып, Қарақалпақстан Республикасы Конституциясының 67-статьясы, «Қарақалпақстан Республикасында ҳәкимшилик-аймақлық дүзилис мәселелерин шешиў тәртиби ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамының 1-статьясы, «Географиялық объектлердиң атамалары ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамының 7-статьясы ҳәм «Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Регламенти ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамының 49-статьясына муўапық, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси
Қ А Р А Р Е Т Е Д И :
- Қарақалпақстан Республикасының қурамында Бозатаў районын дүзиў ҳаққындағы Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң усынысы мақулланып, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты Кенгаши ҳәм Нызамшылық палатасы Кенгашиниң қарарлары менен Қарақалпақстан Республикасы Бозатаў районын дүзиўге келисим берилгенлиги есапқа алынсын.
- Қарақалпақстан Республикасының Кегейли районы қурамындағы «Бозатаў» посёлкалық пуқаралар жыйыны, «Қусқанатаў», «Еркиндәрья», «Аспантай» аўыл пуқаралар жыйынлары ҳәм Шымбай районы қурамындағы «Көк суў» аўыл пуқаралар жыйыны аймақлары бирлестирилип, улыўма майданы 2035,44 кв. км. болған Қарақалпақстан Республикасы Бозатаў районы дүзилсин.
- Қарақалпақстан Республикасы Бозатаў районының ҳәкимшилик орайы етип «Бозатаў» посёлкалық пуқаралар жыйыны белгиленсин.
- Қарақалпақстан Республикасы Кегейли, Шымбай ҳәм Бозатаў районларының шегаралары Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси тәрепинен усынылған сызылмаға муўапық тастыйықлансын (қосымша етиледи).
- Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесине:
Бозатаў районы дүзилиўине байланыслы район ҳәкимлиги структурасын, мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыў уйымларының районлық бөлимлерин шөлкемлестириў жумысларын алып барыў;
район аймағындағы барлық социаллық мәкемелердиң ҳәзирги жағдайы ҳәр тәреплеме хатлаўдан өткерилип кемшиликлерди сапластырыў бойынша «Жол карта»сын таярлаў;
аўыл хожалығы, санаат, хызмет ҳәм басқа экономикалық тармақ ҳәм тараўлары жағдайы сын көз-қарастан үйренилип, Бозатаў районын 2019-2021-жылларда социаллық-экономикалық раўажландырыў ҳәм халықтың турмыслық шараятын жақсылаў Бағдарламасын ислеп шығыў ҳәм зәрүр болған қәрежетлер көлеми ҳәмде оның дереклери бойынша анық усыныслар бериў;
Бозатаў районы орайын Бас жойбар тийкарында қайта реконструкциялаў ҳәм абаданластырыў бойынша усынысларын ислеп шығыў ҳәм Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине усыныс етиў тапсырылсын.
- Кегейли районы қурамындағы «Бозатаў» посёлкалық пуқаралар жыйыны, «Қусқанатаў», «Еркиндәрья», «Аспантай» аўыл пуқаралар жыйынлары ҳәмде Шымбай районы қурамындағы «Көк-суў» аўыл пуқаралар жыйыны аймақларында жайласқан сайлаў округларынан сайланған халық депутатлары Кегейли ҳәм Шымбай районлық Кеңеслериниң депутатлары – халық депутатлары Бозатаў районлық Кеңесиниң депутатлары болып есапланатуғынлығы белгиленсин.
- Халық депутатлары Кегейли, Шымбай ҳәм Бозатаў районлық Кеңеслерине сайлаў округларын дүзиў ҳәм депутатлар сайлаўын өткериў илажларын көриў тапсырылсын.
- Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң «Қарақалпақстан Республикасының Бозатаў районын тарқатыў ҳаққында»ғы 2004-жыл 26-февраль күнги 561-санлы қарары өз күшин жойытқан деп есаплансын.
- Қарардың орынланыўын тәмийинлеў Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары А.Ҳамраевқа жүкленсин.
Қарақалпақстан Республикасы
Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Ерниязов
Нөкис қаласы, 4-сентябрь 2019-жыл