Елимизде кейинги жылларда халықтың денсаўлығын сақлаў, саламат турмыс тәризин қәлиплестириў бағдарында бир қатар жумыслар әмелге асырылды. Медициналық мәкемелердиң имаратларын қайта оңлаў, оларды заманагөй медициналық әсбап-үскенелер менен тәмийинлеў, шыпакерлердиң маманлығын арттырыў, олар ушын барлық қолайлықларды жаратыў мақсетинде инвестициялық бағдарламалар тийкарында бир қатар унамлы жумыслар әмелге асырылмақта.
Соның менен бирге, усы бағдардағы жумысларды әмелге асырыў мақсетинде халықаралық шөлкемлер, медицина тараўы раўажланған алдыңғы қатардағы еллер менен де бирге ислесиў жақсы жолға қойылған болып, солардың бири халықаралық UNICEF шөлкеми болып есапланады.
Усы жыл 5-сентябрь күни UNICEF шөлкеминиң қаржыландырыўы менен жаңадан қурылған Қарақалпақстан Республикасы Мәмлекетлик санитария-эпидемиологиялық бақлаў орайының Вакцина сақлаў қоймаханасы пайдаланыўға тапсырылды.
Оның ашылыў мәресимине Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги, UNICEF шөлкеминиң Өзбекстандағы ўәкилханасының ўәкиллери, тараў қәнигелери қатнасты.
Илажда Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик санитария-эпидемиологиялық басқармасы баслығының орынбасары Д.Турсунова, UNICEF шөлкеминиң Өзбекстандағы ўәкилханасы баслығының орынбасары Афшин Парси, Қарақалпақстан Республикасы Мәмлекетлик санитария-эпидемиологиялық бақлаў орайының бас шыпакери Б.Қутлымуратов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, пайдаланыўға тапсырылып атырған объект ҳәм оның әҳмийетине кеңнен тоқтап өтти.
Атап өтилгениндей, балалар арасындағы кеселликлердиң алдын алыў оғада әҳмийетли, ал усы объект балалардың саламатлығын жақсылаўға үлкен үлес қосады. Бул объект усы аймақта вакциналарды нәтийжели басқарыўды және де жетилистириўге хызмет етеди. Оған суўытқышлар, вакциналар ушын музлатқышлар ҳәм ҳаўаның температурасын қадағалап барыўшы үскене, сондай-ақ, басқа да жәрдемши әсбаплар орнатылған болып, орнатылған үскенелердиң баҳасы 140 мың АҚШ долларын қурайды.
– Жаңа үскенелер Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң вакциналарды дурыс басқарыўды тәмийинлеўдеги дәрежесин күшейтеди ҳәм емлеў хызметин жақсылаўға үлес қосады, деп ойлайман. Сонда Қарақалпақстан Республикасындағы ҳәр бир бала ушын сапалы вакциналар жеткерип берилген болады,-дейди UNICEF шөлкеминиң Өзбекстандағы ўәкилханасы баслығының орынбасары Афшин Парси. – Глобал мағлыўматларға қарағанда, емлеў 5 жасқа шекемги балалар арасында 3 миллионнан аслам өлим ҳалатының алдын алыўы мүмкин. Вакциналар балаларды кеселликлерден қорғап, олардың ҳәр қыйлы жуқпалы кеселликлерге иммунитетин арттырып саў-саламат жүриўине тийкар жаратады.
Бул жаңа үскенелер бир жасқа шекемги болған 40 мың баланы емлеў ушын 21 мың литрге шекемги вакциналарды сақлаў имканиятына ийе. Арнаўлы бөлмелердиң температурасы вакциналарды 2-8 градуста қәўипсиз сақлаў ушын үскенеленген.
UNICEF шөлкеминиң Өзбекстандағы ўәкилханасынан келген қәнигелер, усы объекттеги жумыс ислейтуғын хызметкерлерге үскенелерди басқарыў бойынша түсиниклер берип, арнаўлы қолланбалар менен таныстырды.
Ә.Жиемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.
(М.Ҳабибуллаевтың түсирген сүўретлери)