Август айының ақырында Россия Федерациясының Чеченстан Республикасында Үлкен мешиттиң ашылыўы ҳәм халықаралық Қуран жарысы болып өтти. Бул ҳаққында Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты хабар берди.

Жарысқа дүньяның 25 мәмлекетинен қарыйлар қатнасты. Өзбекстан Республикасы атынан қарақалпақстанлы Жолдасбай қарый Нураддинов қатнасты.

Жарыс жуўмағына муўапық, Жолдасбай қарый улыўма 100 баллдан 98,37 балл топлап, улыўмалық есапта 7-орынды ийеледи.

Жарыста 1-орын Ливия, 2-орын Йемен, 3-орын Сириядан келген қарыйларға несип етти.

1-орынға 100 мың, 2-орынға 50 мың ҳәм 3-орынға 25 мың АҚШ доллары муғдарында қаржылай сыйлық берилди.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.