Министрлер Кабинетиниң додалаўлар порталындағы қарарының жойбарына муўапық, Өзбекстан Тоғай хожалығы мәмлекетлик комитети 2020-жылдың ақырына шекем Арал шөлистанының 700 мың гектарлық майданын көклемзарластырыўды жобаластырмақта, деп жазады Togri.uz.
Соның менен бирге, 600 мың гектарға тереклердиң туқымлары, қалған майданларға нәллер егиледи.
Жойбарда атап өтилиўинше, абаданластырыў жумыслары ушын 1000 қосымша жумысшы тартылып, азық-аўқат, кийим-кеншек ҳәм турақ жай менен тәмийинленеди.
Сондай-ақ, Транспорт министрлиги жумысшыларды тасыў ушын 20 автобус ҳәм туқымларды тасыў ушын 10 жүк машинасын ажыратады.
Жойбар Қаржы министрлиги ҳәм Мәмлекетлик тәбиятты қорғаў комитетиниң «Өзбекнефтегаз» жанындағы Арал теңизин раўажландырыў қоры алдындағы қарызлары есабынан қаржыландырылады.
Соның менен бирге, Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлигине халықаралық шөлкемлердиң грант қаржыларын тартыўды жеделлестириў тапсырылды.
Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлиги.