Әзиз дослар!

Ҳүрметли мийманлар!

Усы күнлерде көп миллетли халқымыз корейс миллетине тийисли жерлеслеримиз Өзбекистанда жасап атырғанының 80 жыллығын белгилемекте.

Өткен әсирдиң мүтәжлик бел алған оғада қыйын дәўири – 30-жылларда мийримсиз сиясий дүзим басымы астында он мыңлаған корейслер Узақ Шығыстан Өзбекистан жерине келип қалған. Өзбек халқы өзине тән жоқары ҳүрмет ҳәм кеңпейиллик пенен тәғдир ҳүкимине таслап қойылған корейслерге мийрим-шәпәәт көрсетти, баўырына басып, баспана берди.

Мийнетсүйгишлиги, беккем сабыры, татыўлығы, тәртиби, жерге меҳри менен дүньяқарасымыз ҳәм мәдениятларымыздың уқсаслығы себепли корейслер Өзбекистан тымсалында екинши Ўатанын тапты ҳәм оның мүнәсип перзенти, көп миллетли Өзбекистанның тең ҳуқықлы пуқарасына айланды, ҳүрмет-иззетке ийе болды. Халқымыз усындай жерлеслери менен мақтанады.

Биз корейс миллетине тийисли жерлеслеримиздиң елимизди социаллық-экономикалық раўажландырыў – санаат ҳәм аўыл хожалығы потенциалын беккемлеў, илим, билимлендириў, денсаўлықты сақлаў ҳәм басқа да тараўлардың раўажланыўына қосып атырған үлесин жоқары қәдирлеймиз.

Олар елимиздеги шөллерди өзлестириўде белсене қатнасты, қыйын шараятларда боз жерлерге ислеў берди, жердиң тилин билетуғын излениўшең дийқан сыпатында кейин ала ең алдынғылар қатарынан орын алған хожалықлар жаратты.

Корейс миллетли жерлеслеримиздиң абыройлы ҳәм пидайы мийнети, Өзбекистанның ҳәр тәреплеме раўажланыўына ҳәм абаданлығына қаратылған дөретиўшилик потенциалы елимиз ерискен жетискенликлер тарийхында айрықша бет болып қалады.

Елимизде үлкен даңқ-мәртебеге ийе болған 283 корейс миллетли жерлеслеримиз мәмлекетимиздиң жоқары сыйлықлары менен сыйлықланған.

Олардың арасында депутатлар, ҳүкимет ағзалары, хызмет көрсеткен илим, мәденият ҳәм көркем өнер ғайраткерлери, жоқары маманлықтағы қәнигелер бар. Олардың қатарында белгили аўыл хожалығы хызметкерлери Ким Пен Хва ҳәм Хван Ман Гим, Өзбекистан Қаҳарманы, Хийўадағы Меҳрийбанлық үйиниң директоры Вера Пак, мектепке шекемги билимлендириў министри, сенатор Агриппина Шин, сенатор Валерий Тян, Өзбекистан Республикасының Корея Республикасындағы елшиси Виталий Фен, Олий Мажлис Нызамшылық палатасының депутаты, Өзбекистан Корейс орайлары ассоциациясының баслығы Виктор Пак, Бокс бойынша жәҳән кубоги ийеси Владимир Шин, художник Николай Шин, академик Владимир Ким, медицина илимлери докторы, профессор Александр Шек ҳәм басқаларды айрықша атап өтиў керек.

Бүгинги күнде Өзбекистанда 200 мыңнан аслам корейс миллети ўәкиллери жасайды. Олардың көпшилиги өзбек тилинде сөйлесе алыўы, мәдениятымызды жақсы билетуғынын айрықша атап өтиў зәрүр. Буны биз өзбек халқына болған терең ҳүрмет-иззет сыпатында қабыл етемиз.

Корейс диаспорасы көп миллетли Өзбекистан халқының ажыралмас бөлеги болып, дәстүрий тәризде республика көлеминде өткерилетуғын барлық ғалабалық ҳәм мәдений илажларда белсене қатнасады.

Усы жылдың июнь айында пайтахтымыздағы «Дослық бағы»нда корейс диаспорасы тәрепинен сақый өзбек үлкесиндеги кеңпейиллик, ҳақ кеўиллик ҳәм ғамқорлық, тыныш-татыў турмыс ушын миннетдаршылық белгиси сыпатында естелик монументи қурылды.

Елимизде басқа миллет ҳәм халық ўәкиллери қатарында корейс миллетли жерлеслеримиз ушын да өзиниң миллий мәдениятын, тилин, үрп-әдетин ҳәм дәстүрлерин қәстерлеп сақлаў ҳәм раўажландырыў ушын барлық шараят жаратылған. Мысалы, Өзбекистан мәмлекетлик жәҳән тиллери университети, Ташкент мәмлекетлик шығыстаныў институты ҳәм Самарқанд мәмлекетлик шет тиллер институтында корейс филологиясы оқытылмақта.

Өзбекистан Корейс мәденият орайлары ассоциациясы тәрепинен бул бағдарда үлкен жумыслар әмелге асырылмақта. Корейс тилинде китап ҳәм газеталар басып шығарылмақта, көргизбелер, концертлер, фестивальлар, дөретиўшилик топарлардың Өзбекистан бойлап ҳәм шет елге гастроллары, жаслар арасында түрли спорт жарыслары шөлкемлестирилмекте.

Ҳәзирги ўақытта Ташкентте Корея Республикасы ҳүкимети көмегинде Корейс мәденият ҳәм көркем өнер үйи қурылмақта. Ол бизиң барған сайын беккемленип атырған дослығымыздың айқын көриниси, жаслар ҳәм зыялыларды өзине тартатуғын орын, мәдениятларымызды өз-ара байытыў орайына айланады, деп ойлайман.

Өзбекистанда Корея Республикасы менен көп қырлы бирге ислесиўди раўажландырыўға айрықша итибар қаратылмақта, корейс диаспорасы буған үлкен үлес қоспақта.

Жақын күнлерде Корея Республикасына жоқары дәрежедеги сапар режелестирилген болып, оның шеңберинде еки мәмлекет арасындағы стратегиялық шерикликти буннан былай да беккемлеў, соның ишинде, жаңа бирликтеги жойбарларды әмелге асырыў мәселелери көрип шығылады.

Қәдирли илаж қатнасыўшылары, Сиз ҳәм сизиң тымсалыңызда барлық корейс жерлеслеримизге улыўма үйимиз – жанажан Өзбекистанымыздың раўажланыўы ҳәм абданлығы жолындағы пидәкерлик ҳәм нәтийжели мийнетиңиз ушын шын жүректен миннетдаршылық билдиремен.

Бәршеңизге беккем денсаўлық, табыслар, шаңарақлық бахыт ҳәм абаданлық тилеймен.

Шавкат МИРЗИЁЕВ,

Өзбекистан Республикасы Президенти