Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2019-жыл 17-августтағы 684-санлы қарары тийкарында Ҳүкиметтиң айырым қарарларына өзгерис ҳәм қосымшалар киргизилди.
Киргизилген өзгерислерге муўапық, буннан былай таяныш докторантура ҳәм докторантурада оқытыў мәмлекетлик бюджет қаржылары ҳәм төлемли контракт тийкарында әмелге асырылады.
Таяныш докторантура ҳәм докторантураға мәмлекетлик бюджет қаржылары есабынан ҳәм төлемли контракт тийкарында оқытыў ушын қабыллаў квотасы, қағыйда тәризинде, тийисли оқыў жылы ушын тастыйықланған жоқары оқыў орынларына мәмлекетлик буйыртпасы тийкарында магистратура қәнигеликлерине оқыўға қабыллаў улыўмалық параметрлериниң 30 процентинен кем болмаған муғдарда белгиленеди.
Сондай-ақ, илимий дәрежеси болған илим кандидатлары ямаса философия докторы (PhD) илимий басшылық ямаса илимий мәсләҳәтши хызметиниң нәтийжелилиги анализи тийкарында Коллегиаллық уйым усынысына муўапық бир ўақыттың өзинде тек ғана еки таяныш докторантқа ҳәм еркин излениўшиге илимий басшы етип бириктирилиўи мүмкинлиги белгиленген.
Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.