Мәмлекетимиз ғәрезсизлигиниң жигирма сегиз жыллығы байрамы алдынан Елликқала районында бес мектеп пайдаланыўға тапсырылды.

Усы мүнәсибет пенен «Жанажан Өзбекстаным, мәңги бол аман!» сүрени астында өткерилген илажда атап өтилгениндей, Президентимиздиң басшылығында елимизде  улыўма орта билим бериў системасын реформалаў ҳәм раўажландырыў бағдарында кең көлемли илажлар әмелге асырылмақта.

Усы күни пайдаланыўға тапсырылған райондағы   «Қылшынақ» аўыл пуқаралар жыйынындағы 3-санлы улыўма билим бериў мектебинде «Абат аўыл» бағдарламасы тийкарында 682 миллион сумлық,  «Чўпон» мәкан пуқаралар жыйынындағы 4-санлы улыўма билим бериў мектебинде 780 миллион сумлық,  «Қырқ қыз» аўыл пуқаралар жыйынындағы 44-санлы улыўма билим бериў мектебинде 1 миллиард 100 миллион сумлық,  «Киши Гүлдирсин» мәкан пуқаралар жыйынындағы 59-санлы улыўма билим бериў мектебинде 780 миллион сумлық оңлаў, «Думанқала» мәкан пуқаралар жыйынындағы 26-санлы улыўма билим бериў мектебинде 1 миллиард 870 миллион сумлық реконструкция жумыслары алып барылды.

-Бүгинги күни районымызда 70 улыўма билим бериў мектеби болып, барлығында жаңа оқыў жылына таярлық жумыслары алып барылмақта,-дейди районлық Халық билимлендириў бөлиминиң бас қәнигеси Ислам Султанов.- Бүгин пайдаланыўға тапсырылған бес мектептен тысқары, «Қырқ қыз» аўыл пуқаралар жыйынындағы 16-санлы улыўма билим бериў мектебинде Инвестициялық бағдарлама тийкарында реконструкция, «Қызыл қум» аўыл пуқаралар жыйынындағы 31-санлы улыўма билим бериў мектебинде жергиликли бюджет есабынан ағымдағы оңлаў жумыслары алып барылып, мәмлекетимиз ғәрезсизлигиниң жигирма сегиз жыллығы байрамы алдында пайдаланыўға тапсырылады.

Жаңа мектеплерди пайдаланыўға тапсырыў салтанаты байрамға уласып кетти. Усы жердиң өзинде көргизбелер ҳәм мектеп ярмаркасы шөлкемлестирилди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.